Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң шөлкемлестириўи менен Қарақалпақстан Республикасы аймақларында социаллық-экономикалық раўажланыўдың бүгинги жағдайы менен танысыў мақсетинде, ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң қатнасыўында Кегейли районына пресс-тур шөлкемлестирилди.
Онда журналистлер Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қайшылы», «Жети төле», «Қосқала» елатлары, Бахытлы мәкан пуқаралары жыйынларында Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары тийкарында исленип атырған қурылыс, абаданластырыў жумысларының барысы, кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм усы арқалы халықты, әсиресе, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
-Аўылымыз жыйын орайынан 7-8 км узақлықта жайласып, ишки жолларымыздың аўҳалы оғада ашынарлы жағдайда еди,-дейди «Жети төле» аўылының турғыны Қанатбай Жийемуратов.-Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрьдеги 500-санлы қарары тийкарында аўылымызға қум-шағыл тас араласпасы төсеп берилиўиниң нәтийжесинде, халқымыздың бурынғы мүшкили әдеўир жеңиллести. Буның ушын районымыз басшыларына шексиз миннетдаршылық билдиремен.
-Бурын аўылымызда балалар бақшасы улыўма жоқ еди,-дейди «Қайшылы» аўылы турғыны Мавлюда Тилеўмуратова.-Сонлықтан мен анам менен ойласқан ҳалда аўылымызда бос турған имаратты қайта оңлап, оны мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы балалар бақшасына айландырдық. Ҳәзир бул жерде 25 бала заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта. Сондай-ақ, усы балалар бақшасының иске түсиўи менен аўылымызда жасаўшы 3 пуқара жумыс пенен тәмийинленди. Бизлердей жаслардың усындай басламаларын қоллап-қуўатлағаны ушын елимиз Президенти ҳәм районымыз басшыларына үлкен рахметлер айтамыз.
Ал, Бахытлы мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Сәрбиназ Атаниязова болса, район ҳәкимлигиниң қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде, «Халық банки»ниң районлық филиалынан 33 млн сум жеңиллетилген кредит алып, оған 3 заманагөй кийим тигиў машинасы ҳәм оған керекли болған әнжамларды сатып алған. Мәкан пуқаралар жыйыны болса, оның халыққа хызмет көрсетиўи ушын имарат пенен тәмийинлеген. Соның нәтийжесинде ол аймақта жасаўшы 3 жасты турақлы жумыс орны менен тәмийинлеўге ерискен.
-Бурын бир неше жыллар даўамында Нөкис қаласындағы халқымызға белгили шебер Айзада Үдербаеваның қасында жүрип, қарақалпақ халқының миллий кийим-кеншеклерин тигиўди үйренген едим,-дейди Сәрбиназ Атаниязова.-Мине бүгин усы өнерди үйренгенлерим өз пайдасын тийгизип атыр. Аймақ халқына ҳәр қыйлы өлшем ҳәм дизайндеги көйлек, бешпент, бас кийимлерди тигип, олардың дийдинен шығып атырмыз.
Сондай-ақ, ҳәзирги күнлери район аймағында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында жәрдемге мүтәж шаңарақларға тийисли турақ жайлардың төбесин шиферлап бериў, зәрүрлерин қайтадан қурыў бойынша 13,2 млрд. сум қаржы ажыратылған болып, Кегейли районында 924 турақ жайды оңлап бериў белгиленген.
-Мине соннан 43 жайдың төбеси толық шиферланып болынды,-дейди Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары Қыпшақбай Атамуратов.-Қалған жайларды оңлаў бойынша да басқышпа-басқыш қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта.
Бүгин Кегейли районы ири қурылыс ҳәм абаданластырыў майданына айланған. Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары тийкарында Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Жаңа Өзбекстан» массивинде исленип атырған қурылыс жумысларын көрип, адамның кеўли көтериледи. Жаңа дәўирге исенимли қәдем таслап атырған кегейлишилердиң бундай унамлы ислери, адамларымыздың ертеңги күнге деген исенимин арттырып, оларды жаңа шеклерге қарай баслайды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.