Республикамыздағы ғаўаша майданларында ушырасатуғын қәўипли зыянкеслер ҳәм жабайы шөплерге қарсы гүресиў илажларын әмелге асырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен «Әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланды.

Усы жылдың 5-июнинен 14-июль күнлери аралығында даўам ететуғын илажлар даўамында республикамыздағы агрокластерлер, фермер хожалықлары ғаўаша майданларында шырынжа, трипс, ғөрек қурты, өрмекши кене, қандала сыяқлы зыянкеслер, кеселликлер ҳәм жабайы шөплерге қарсы гүрес алып барылып, фитосанитар дала қадағалаўы ҳәм фермерлер дәптери жүргизилиўи қадағалаўға алынады.

Сондай-ақ, ғаўаша майданларының ҳәр еки гектарына Өзбекстан Республикасында қолланыўға рухсат етилген 1 данадан ферамон тутқышлардың орнатылыўы, зыянкеслерге қарсы гүресиўде көрсетилген биологиялық өнимлердиң өз мүддетинде ҳәм нормасында қолланылыўы толық бақлаўға алынады.

Соның менен бирге, егислик жерлерде зыянкеслердиң күшли тарқалыў  ошақларын күнделикли қадағалаўға алыў ҳәм экономикалық зыянланыў муғдары белгиленген өлшемнен артқaн жағдайда, зыянкеслерге қарсы химиялық қарсы гүресиў усылларынан пайдаланыў белгиленген.


Сымбат Есназарова,

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң Тахтакөпир районлық бөлими инспекторы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги