Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-июнь күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Абай ўәлаяты аймағында жүз берген тоғай өрти ақыбетинде инсанлардың қайтыс болғаны мүнәсибети менен Президент Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм туўысқан Қазақстан халқына терең ҳәмдәртлық ҳәм кеўил айтыў сөзлерин билдирди. Тәбийғый апатқа қарсы гүресиў ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыўда Өзбекстан барлық зәрүр жәрдемди көрсетиўге таяр екени атап өтилди.

Президентлер Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерин де додалады.

Саўда, санаат, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы ҳәм экономиканың барлық тармақларында кооперация жойбарларын әмелге асырыўды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысылды.

ӨзА