Қарақалпақстан Республикасы көзи әззилер китапханасында «Халықаралық хызметлери ушын» көкирек белгисиниң ийеси, майыплығы болған шайыр Барно Сметуллаеваның «Онамнинг алласи, шеърият» атамасындағы қосықлар топламын таныстырыў кешеси болып өтти.

Онда Өзбекстан Көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Шарапов, Халықаралық «Олтин қирон» медалы ийеси, шайыр Ж.Юнусова ҳәм басқалар жаңа китап ҳаққында өз пикирлерин билдирип өтти. Атап өтилгениндей, ана Ўатанның гөззаллығы, әжайып балалық дүньясы, муҳаббат, сағыныш сезимлери, турмыс ғалма-ғаллары өзине тән көркем бояўлар шайырдың қыял дүньясының реңлери менен сүўретленген.

Илажда Б.Сметуллаева «Қушқанот» дөретиўшилик фондының ағзалығына қабыл етилип, оған ағзалық гүўалығы ҳәм «Халықлар дослығы» медалы тапсырылды. Сондай-ақ, Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими жанындағы «Мәденият ҳәм ағартыўшылық» бөлими тәрепинен Көзи әззилер арнаўлы китапханасына өзбек-қазақ дөретиўшилик антологиясының 3-бөлими усынылды.

– Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң жанында усы жылдың 1-июнь сәнесинен баслап «Мәденият ҳәм ағартыўшылық» бөлими шөлкемлестирилди. Б.Сметуллаева усы бөлимге ағза болып табылады, -дейди усы бөлимниң баслығы Зарина Олимова. -Бөлим майыплығы болған дөретиўши шахсларды жәмийетшиликке кеңнен таныстырыў, сол арқалы оларды жәмийетке араластырыўға ҳәрекет етеди. Бөлим тәрепинен Көзи әззилер китапханасы, Көзи әззилер жәмийети, Мәденият министрлиги менен биргеликте усындай илажлар шөлкемлестирилип барылады.




Китапты таныстырыў кешеси қосықлар мушайрасы, бақсы А.Сейилханов, шайыр, қосықшы М.Матыков тәрепинен атқарылған қосықлар менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги