Елликқала районында жасаўшы, 1989-жылы туўылған пуқара бир нешще адамды “Германия мәмлекетине жиберемен” деп алдап, пулларын өзлезтирип жиберген.

Бул пуқара дәслеп Хорезм ўәлаятының Үргенш қаласында жасаўшы, 1964-жылы туўылған М.У. исмли пуқараға “International job Organization-xususiy bandlik agentligi” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы арқалы Германияға жиберемен деп 5 мың 800 АҚШ долларын алады. Буннан кейин ол алдаўшылық ҳәрекетин даўам еттирип,  Хорезм ўәлаятында жасаўшы, 1975 жылы туўылған С.Х.дан  3 мың 500 АҚШ долларын, Беруний районында жасаўшы, 1989-жылы туўылған  Д.Б.дан 1 мың АҚШ долларын алдаўшылық жолы менен алған.

Бул жағдай бойынша Төрткүл районы Ишки ислер бөлими жанындағы  Тергеў бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық)  3-бөлими   “в” бәнти менен жынаят иси қозғатылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги