Бас прокуратура жанындағы департаменттиң Нөкис қалалық бөлими, Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында жер майданын сатпақшы болған пуқара усланды.

Атап айтқанда  бурын алдаўшылық ҳәм басқа да жынаяты ушын судланған А.Е. пуқара М.А.ның исенимине кирип, Нөкис қаласы Темир жол мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан  резервтеги 17,8 сотих жер майданын жоқары лаўазымларда ислеўши таныслары арқалы рәсмийлестирип бериўди ўәде етеди. Буның ушын келисилген  57 миллион сумды алған ўақытта усланды.

Жоқарыдағы жағдай бойынша Департаменттиниң Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық)  ҳәм  28, 211-статьялары (пара бериў)  менен жынаят иси қозғаталып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақтан хабар агентлиги