Нөкисте  “Өзбекстанда климат өзгерисиниң гендер теңлигине тәсирин азайтыў” жойбары шеңбериде өткерилген сораўнаманың жуўмағына бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти.

Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен “Эколог” жәмийетлик бирлеспеси менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда республикамызда ҳаял-қызлардың нызамлы мәплери менен ҳуқықларын қорғаў, олар ушын жаратылған шараятлар, соның менен бирге климат өзгерисиниң тәсирине ҳәм оның алдын алыў мәселелерине тоқтап өтти. Усы машқалаларды анықлаў мақсетинде Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен “Эколог” жәмийетлик бирлеспеси менен биргеликте республикамыздағы түрли кәсип ийелери ҳәм түрли жастағы 136 ҳаял-қыз арасында сораўнама өткерилди.


Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң баслығы Г.Жоллыбекова, “Эколог” жәмийетлик бирлеспесиниң баслығы, Өзбекстан мәмлекетлик Жәҳән тиллери университетиниң доценти, филология илимлериниң докторы Н.Касимова өткерилген сораўнаманың мазмун-мәниси ҳәм оның нәтийжелери менен жақыннан таныстырды. Сондай-ақ, мәмлекетимизде зорлықтың алдын алыўға байланыслы нызамшылықтағы өзгерислер, бул бағдарда прокуратура уйымлары тәрепинен алып барылған жумысларға тоқтап өтилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги