Нөкис қаласында Өзбекстан Экологиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Абдушукур Худойқулович Хамзаевтың  исенимли ўәкили Лейли Сеитованың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Партия электораты, жергиликли Кеңестиң депутатлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасқан ушырасыўда  исенимли ўәкил талабанның сайлаўалды бағдарламасының тийкарғы бағдары менен таныстырды.

Атап өтилгениндей, талабанның сайлаўалды бағдарламасынан орын алған Арал теңизи апатшылығының аянышлы ақыбетлерин жумсартыўға қаратылған инновациялық жойбарларды әмелге асырыў арқалы аймақта экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды, халықтың жасаў шараятларын жақсылаў мәселелери орын алған. Соның менен бирге, Нөкис, Бухара, Үргениш, Хийўа, Наўайы, Мойнақ сыяқлы елатлы пунктлер әтирапында “жасыл белбеўлер” жаратыў жумысларын жеделлестириў, усы аймақлардағы жасыл дем алыў бағлары майданларын   кеңейтиў   мәселелери орын   алғанлығы жыйналғанлар тәрепинен жақсы қабылланды.



Ушырасыўда шығып сөйлегенлер талабанның сайлаўалды бағдарламасын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирип, барлық сайлаўшыларды 9 -июль күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында Өзбекстан Экологиялық партиясынан талабан Хамзаев Абдушукур Худойқуловичке даўыс бериўге шақырды.


Арухан ИСМАЙЛОВА,

Өзбекстан Экологиялық партиясы  Нөкис қалалық Кеңеси Атқарыў комитети баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги