Усы жыл 9-июнь күни Нөкис қаласындағы Президент мектебинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги қурамындағы Президент мектебине оқыўшыларды қабыллаў барысына бағышланған «Ашық есиклер күни» илажы өткерилди.

Илаж даўамында мектеп басшылары ҳәм тийисли қәнигелери тәрепинен Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң жумыслары туўралы тийкарғы мағлыўматлар, қабыллаўдың тәртип-қағыйдалары ҳаққында түсиниклер берилди.




Мектепте өткерилген пресс-тур даўамында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине, оқыўшыларға ҳәм олардың ата-аналарына мектеп асханасы, технология кабинети, робототехника дөгереги ханасы, физика, химия, биология лабораториялары, пән кабинетлери, китапхана, спорт залы ҳәм бассейни, қабыллаў штабы көрсетилип, онда жаратылған шараятлар  таныстырылды.




Атап өтилгениндей, жаслардың интеллектуаллық билимин ҳәм дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыў, қәбилетли балаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде зәрүр шараятларды жаратыў, олардың ҳуқықый ҳәм мәдений билимин жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 20-февральдағы ПҚ-4199-санлы  қарары қабыл етилип, орынларда усындай мектеплер шөлкемлестирилди. Қарар тийкарында мектеп жумыслары, мақсети ҳәм ўазыйпалары белгиленди.

– Ҳәзирги күнде мектебимизде 157-оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта,-дейди Нөкис қаласындағы Президент мектеби директорының арнаўлы пәнлер бойынша орынбасары Г.Алламбергенова. – 2022-2023-оқыў жылын 19 оқыўшымыз жоқары нәтийжелер менен жуўмақлаў алдында турыпты.

Атап айтқанда, усы 19 оқыўшымыз мүддетинен алдын дүньяның ең абырайлы жоқары оқыў орынларынан унамлы жуўап алып, оларға ажыратылған грантлардың улыўма муғдары 6 миллион 269 мың 300 АҚШ долларын қурамақта.



Мектебимиздеги оқыўшылар академик ҳәм халықаралық пән олимпиадаларында, ҳәр қыйлы таңлаўларда сыйлы орынларды ийелеп, көплеген жетискенликлерге ерисип келмекте.

Илажда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.


Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги