Усы жыл 9-июнь күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы ҳәм округ ағзалары видеоконференцбайланыс тәризинде қатнасты.

Мәжилис күн тәртибине муўапық дәслеп, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына тийисли сайлаў бюллетениниң формасы, тексти ҳәм классификациясы тастыйықланды. Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлардың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты сайлаў бюллетенине, сайлаў участкасында даўысларды санап шығыў нәтийжелери ҳәм сайлаў округи бойынша сайлаў нәтийжелерин анықлаў ҳаққындағы протоколларға латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбеси тәртибинде киргизиледи.

Сондай-ақ, мәжилисте айырым сайлаў участкаларында сайлаў процесин видео-трансляция етиў бойынша қосымша илажларды белгилеў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Оған муўапық, сайлаў күни даўыс бериў процесин реал ўақыт режиминде (онлайн) видео-трансляция етиў мақсетинде республиканың барлық район ҳәм қалалары аймағында жайласқан екиге шекем сайлаў участкасында видеокамера ҳәм басқа зәрүрли қурылмалар орнатыў бойынша анық илажлар белгилеп берилди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, мәжилис күн тәртибине муўапық, сайлаўшыларды биометрикалық идентификациялаў системасын тәжирийбе-сынаў тәризинде енгизиў, сайлаўға таярлық көриў дәўиринде Орайлық сайлаў комиссиясына келип түскен мүрәжатлар, Президент сайлаўында халықаралық шөлкемлер ҳәм шет мәмлекетлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды және жергиликли ғалаба хабар қуралларын аккредитациядан өткериў мәселелери Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы менен ағзалары тәрепинен додаланды.





Атап өтилгениндей, Орайлық сайлаў комиссиясына келип түскен мүрәжатлар тийкарында 25 ғалаба хабар қуралының 124 ўәкили аккредитациядан өткерилди. Ҳәзирги күнге шекем аккредитациядан өткен FХҚ ўәкиллериниң саны 353 ти курамақта.

Мәжилис даўамында Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша 2-Әндижан, 3-Бухара ҳәм 9-Сурхандәрья округлик сайлаў комиссиясы баслықларының сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде өткериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққындағы мәлимлемелери тыңланды.

Мәжилисте Округлик сайлаў комиссиялары баслықларының мәлимлемеси ҳаққында ҳәм жоқарыда келтирилген 7 мәселе бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарлары қабыл етилди.

Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси жуўмақланғаннан соң 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы Т.Атамуратовтың басшылығында күн тәртибинде додаланған мәселелер, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў ҳәм оған таярлық көриў бойынша ис-режеге муўапық әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы

Қарақалпақстан хабар агентлиги