Махачқала қаласында (Дағыстан Республикасы) Россия Федерациясы Федераллық мәжилисиниң Федерация кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының бирге ислесиў бойынша комиссиясының сегизинши мәжилиси болып өтти.

Онда Сенат баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоевтың басшылығындағы делегация қатнасты.

Тәреплер Сенат ҳәм Федераллық мәжилис арасындағы парламентлераралық қатнасықлардың бүгинги жағдайы және оны раўажландырыў перспективаларын додалады.

Еки мәмлекет арасында түрли тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша пикир алысылды. Атап айтқанда, илим, билимлендириў ҳәм туризм бағдарларындағы байланысларды беккемлеў, мәмлекетлеримиздиң бул тараўлардағы имканиятларынан кеңирек пайдаланыў мәселелерине итибар қаратылды.

Россия Федерациясы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған өзбекстанлы студентлердиң саны 46 мыңды қурайды. Өзбекстанда Россияның 14 жоқары оқыў орнының филиаллары ашылған (және 7 синиң ашылыўы режелестирилген).

Мәжилисте Россияда өзбекстанлы студентлер ушын буннан былай да қолайлы шараятлар жаратыў, мәмлекетимиз пуқаралары ушын Россия жоқары оқыў орынларында бюджеттен ажыратылған квоталар санын көбейтиў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстанда ЮНЕСКО дизимине киргизилген дыққатқа ылайық орынлардың көп екенин есапқа алып, Самарқандтың мәдений пайтахт сыпатындағы әҳмийети, Бухара ҳәм Хийўаның да россиялы туристлер ушын тартымлылығы атап өтилген ҳалда, Комиссия ағзалары туристлик алмасыўларды кеңейтиўге үлкен қызығыўшылық билдирди.

Дин ҳәм мәдениятлар уқсаслығын есапқа алып, зыярат туризмин буннан былай да раўажландырыў усыныс етилди. Усы көзқарастан, Махачқала – Дербент – Самарқанд – Бухара жөнелиси бойынша «Алтын айланба» туристлик бағдарын ислеп шығыў идеясы алға қойылды.

Исбилерменлик ҳәм мәдений байланыслардың раўажланыўына, туристлер ағымының көбейиўине үлкен үлес қосып атырған Махачқала ҳәм Ташкент ҳәм Бухара арасында ҳаўа коридоры бойынша пәрўазлар санын арттырыў мәселелери де көрип шығылды.

Тәреплер Өзбекстанда Дағыстанның белгили халық шайыры Расул Ғамзатов туўылған күниниң 100 жыллығына таярлық көриў ҳәм оны усы жылдың гүзинде белгилеў мәселелерин додалады.

Ҳәзирги ўақытта Дағыстанда 8 мың Өзбекстан пуқарасы экономиканың түрли тармақларында мийнет етпекте. Дағыстан мектеплеринде 200 ден аслам Өзбекстан пуқараларының перзентлери билим алып атыр. Олардың ҳуқықларын исенимли тәмийинлеў, қолайлы жасаў шараятларын жаратыў, мийнет ҳәм билим алыў имканиятларын кеңейтиў мәселелери де Комиссия мәжилиси қатнасыўшыларының дыққат орайында болды.

Өзбекстанда дағыстанлы жазыўшылардың шығармалары, сондай-ақ, Дағыстанда өзбек үлкесиниң уламалары ҳәм уллы ойшылларының китапларын аўдарыў ҳәм басып шығарыўда унамлы тенденция бақланып атырғаны атап өтилди.

Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстанда Дағыстан, Дағыстанда Өзбекстан мәденият күнлерин өткериў әмелиятын жолға қойыў мәселеси додаланды.

Комиссия ағзалары тәрепинен Дағыстан ҳәм Өзбекстан халықлары арасындағы дослық руўхын беккемлеўге, сондай-ақ, билимлендириў мәкемелери, пуқаралық жәмийети институтлары, соның ишинде, ассоциациялар, руўхый-ағартыўшылық шөлкемлер ҳәм жәмийетшилик арасындағы байланысларды кеңейтиўге хызмет ететуғын туристлик көргизбелер, форумлар, фестивальлар ҳәм басқа да илажларда қатнасыў басламасы алға қойылды.

Соның менен бирге, Өзбекстан ҳәм Россия парламентлери жоқары палаталарының конфессиялар ҳәм миллетлераралық бирге ислесиўди беккемлеўдеги роли мәселеси де қатнасыўшылардың дыққат орайында болды.

Ушырасыў жуўмақлары бойынша Парламентлераралық комиссиясының гезектеги мәжилисин Өзбекстанның тарийхый қалаларының биринде өткериў бойынша келисимге ерисилди.

Өзбекстан делегациясының ағзалары сапар етиў шеңберинде Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының естелигине бағышланған естеликке гүл қойып, саўаш майданларында қайтыс болған дағыстанлы әскерлердиң естелигине ҳүрмет көрсеттии.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы