Жаз мәўсимлердиң ишиндеги ең әжайып  мәўсим.

Әсиресе, жас балалар ушын.

Жаз келиўден көплеген балалар аўыллардағы атасының үйине, ал айрымлары жазғы дем алыў орынларына қыдырып кетеди.

Нөкис районында 4 орында Саламатландырыў майданшалары шөлкемлестирилген. Балалардың дем алысын мазмунлы өткериў бойынша жаңадан ашылған бул майданшалар да балаларға толы.

Бул  жерде балаларға көплеген колайлықлар жаратылған. Китапқумар балалар ушын китаплар, оқыў орынлықлары таярлап қойылған.

Дем алыстағы балаларға аяқ ойынлары, музыкалық саз-асбаплар, тоқымашылық дөгереклери шөлкемлестирилген.

Бул жерде районлық медицина бирлеспесинен бир шыпакер, қәўипсизликти тәмийинлеў ушын ишки ислер хызметкери бекитилген.

Балалар кеўилли дем алмақтамыз, дейди.


Әсем Есенгелдиева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, Мәлимлеме хызмети тәлим бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги