Мәмлекетимизде мүддетинен бурын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын бақлаў мақсетинде сырт елли бақлаўшылар жумыс алып бармақта.

Бүгин Орайлық сайлаў комиссиясында ЕҚБШ ДИИҲБның мүддетинен бурын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын бақлаў бойынша миссиясының тийкарғы топары ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти. Онда ОСК Баслығы З.Низомхўжаев, миссия басшысы, елши Урсула Юзефа Гачек, оның орынбасары Аликсий Личковах ҳәм миссия экспертлери Анна Меликян ҳәм Маша Янушевичлер менен сөйлесиў алып барды.

Ушырасыў ўақтында Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомхўжаев Президентлик сайлаўына таярлық көриў бағдарындағы процесслер ҳаққында мағлыўмат берип, усы күнлерде сайлаў кампаниясы барған сайын қызғын түрге енип атырғаны, бул жуўапкершиликли процесс Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Сайлаў кодексинде белгиленген тәртиплерге бола избе-излик пенен муўапықластырылып атырғанын атап өтти.

Соның ишинде, мүддетинен бурын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша Календарьлық режеге муўапық сайлаўларды өткеретуғын 14 округлик ҳәм 10 мың 783 участкалық сайлаў комиссияларының қәлиплестирилгени атап өтилди. Сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы ҳәм оператив мәлимлеме орайының жумысы жолға қойылғаны, бүгинги күнге шекем 299 ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери аккредитациядан өткерилгени ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте басқа да бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде илажлар тәртиби, басқышлары ҳәм мүддетлери ҳаққындағы мәлимлемелер бәринен бурын, сайлаўшыларға ҳәм сиясий партияларға Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайты ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары арқалы жедел түрде жеткерилип атырғаны ҳаққында сөз етилди.

Ушырасыўда ЕҚБШ ДИИҲБның Өзбекстанда өткерилген сайлаўларды бақлаў миссияларының шешимлери бойынша есабатларындағы усынысларды миллий нызамшылығымызға ҳәм әмелиятымызға имплементациялаў, сайлаўларға байланыслы ҳуқықый базаны жетилистириў бағдарында алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Миссия басшысы елши Урсула Юзефа Гачектиң атап өткениндей, ДИИҲБ миссиясының тийкарғы топар ўәкиллери тәжирийбели экспертлерден, соның ишинде, сиясий, ҳуқықый, медиа ҳәм сайлаў тараўындағы аналитиклер, ДИИҲБ хызметкерлери ҳәм мәсләҳәшилеринен ибарат болады. Сондай-ақ, тийкарғы топар экспертлеринен тысқары миссия қурамына узақ мүддетли бақлаўшылар да қосылатуғынын мәлим етти.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы