Ҳүрметли делегация басшылары!

Гезектеги «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» форматындағы жетекшилер ушырасыўының барлық қатнасыўшыларын қутлықлаўдан қуўанышлыман.

Қырғыз Республикасы Президенти ҳүрметли Садир Нурғожоевич Жапаровқа саммит жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ҳәм регионымыздың ең саўлатлы орынларынан бири – Шолпаната қаласында көрсетилип атырған ҳәр қашанғыдай жыллы, қызғын миймандослық ушын билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Европа Кеңесиниң Президенти мырза Шарль Мишельге де айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Байланысларымыздың нәтийжелилиги көп тәреплеме әйне сизиң Орайлық Азия мәмлекетлери менен конструктивлик сиясий сөйлесиўди ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўыңыз ҳәм исенимли умтылысыңыз себепли.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Астанада ашық-айдынлық, өз-ара исеним руўхында ҳәм нәтийжели өткен биринши ушырасыўымыздан берли бир жылға шамалас ўақыт өтти. Усы қысқа дәўирде биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен ҳақыйқатында да үлкен жумыслар әмелге асырылды.

Өткен жылдың ноябрь айында Өзбекстанда Регионаллық өз-ара байланыслылық бойынша жоқары дәрежедеги конференция өткерилди. Онда санластырыў, транспорт коммуникациялары, энергетика ҳәм суў ресурсларын басқарыў тараўларындағы жойбарларды, соның ишинде, европалы шериклеримиздиң «Глобал дәрўаза» стратегиясы шеңберинде алға қойыўға айрықша итибар қараттық.

Орайлық Азияда турақлы энергетика системасын жаратыў ҳәм профессионал билимлендириў тараўында бир қатар әҳмийетли регионаллық жойбарларды басладық.

Март айында Ташкентте Пуқаралық жәмийети форумы, Алматадағы екинши Экономикалық форум, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң май айында Самарқандта болып өткен жыллық мәжилиси нәтийжелерин айрықша атап өтиўди қәлер едим. Бул илажлар бизиң европалы шериклеримиз менен сөйлесиўлеримиз сапа жағынан да унамлы өзгерип атырғанын және бир мәрте көрсетти.

Бүгин Орайлық Азия Европаның жетекши компания ҳәм банклери ушын тартымлылық орайы ҳәм жаңа экономикалық имканиятлар мәканына айланды.

Бул жерде сөз заманагөй санаат қуўатлылықларын жаратыў, «жасыл энергетика»ны енгизиў, «ақыллы» аўыл хожалығын раўажландырыў, раўажланған транспорт-логистика инфраструктурасын қәлиплестириўге қаратылған кең инвестициялық ҳәм технологиялық шериклик ҳаққында болмақта.

Кәсиплеслеримиздиң шығыўларында статистикалық мағлыўматлар жаңлады. Оларды қайталап отырмайман. Соның менен бирге атап өтпекшимен, 2030-жылға шекем бул көрсеткишлердиң еки есеге өсиўине ерисиў ушын барлық тийкарларымыз бар.

Өзбекстанның Европа Аўқамы мәмлекетлери менен бирге ислесиўи ҳаққында қысқаша тоқтап өтпекшимен.

Мырза Мишель, сизиң Өзбекстанға тарийхый сапар етиўиңизден кейин барлық дәрежелердеги сөйлесиўлер сезилерли дәрежеде жеделлести. Биз Франция, Германия, Венгрия ҳәм Чехия жетекшилери менен ушырасыўлар өткердик. Будапешт ҳәм Стокгольмда елшиханалар аштық. Келеси ҳәпте мен Италияға сапарды әмелге асырыўды режелестирмектемен.

Европа Аўқамы менен товар алмасыў көлеми «GSP+» тәртиби себепли турақлы өсип бармақта. Өткен жылы саўда көлеми 20 процентке артқан болса, усы жылдың басынан берли дерлик 70 процентке өсти. Европаның жетекши компания ҳәм банклери менен жоқары технологиялық өндирис ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша перспективалы жойбарлар портфели 20 миллиард евродан асламды қурамақта.

Стратегиялық бирге ислесиўшилеримиз арасында «Siemens», «Linde Group», «CLAAS», «Airbus», «BASF», «EDF», «Alstom» «Total», «Orano», «OTP Group» ҳәм көплеген басқа да дүньяға белгили корпорациялар бар. Соны айрықша атап өтпекшимен, қоспа жойбарлардың әмелге асырылыўы Евроазия континентиниң индустриал картасын түп-тийкарынан өзгертип жибериўге имканият береди.

Гуманитар тараўда Париждеги Лувр ҳәм Берлиндеги Жаңа музей менен биргеликте еки айрықша жойбарды әмелге асырдық. Пүткил дүньяға белгили бул көркем өнер орайларында биринши рет регионымыздың бай мәдений-тарийхый мийрасын кеңнен көрсеттик.

Ҳүрметли саммит қантасыўшылары!

Қыйын геосиясий жағдай ҳәм глобаллық экономикадағы унамсыз процесслерге қарамастан, Орайлық Азия мәмлекетлери турақлы өсиўди көрсетпекте.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки аналитиклериниң кейинги үйрениўлерине қарағанда, региондағы улыўма экономикалық өсиў усы жылы 5,2 процентти ҳәм келеси жылы 5,4 процентти қурайды.

Европалы экспертлер Өзбекстанда орташа 6,5  процентлик жыллық өсиўди болжамақта. Ҳәзирги ўақытта биз 2030-жылға шекем жалпы ишки өним көлеми ҳәм халықтың реал дәраматларын еки есеге арттырып, дәраматларды орташадан жоқары болған мәмлекетлер қатарына киргизиўди режелестирип атырмыз.

Жедел санаатластырыў сиясаты, соның ишинде, қайта ислеў тармақларына сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў бул мақсетке ерисиўдиң тийкарғы факторы болады.

Европалы досларымыз ҳәм шериклеримиз миллий раўажланыў бағдарламалары ҳәм артқа қайтпайтуғын реформалар стратегиясын буннан былай да қоллап-қуўатлаўы әҳмийетли екенин айрықша атап өтпекшимен.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Саммиттиң усыныс етилген күн тәртибин есапқа алып, бирге ислесиўдиң төмендеги тийкарғы ҳәм өз-ара пайдалы бағдарларына итибарыңызды қаратпақшыман.

Бириншиси – бул саўда. Өзбекстан Европа Аўқамы менен саўда қатнасықларын түп-тийкарынан кеңейтиўден, бәринен бурын, турақлы саўда-логистика шынжырларын ҳәм өз-ара өним жеткерип бериўди қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизмлерин жаратыўдан мәпдар.

«GSP+» тәртибиниң усынылыўы мәмлекетимиз өндирисшилерин сыртқы саўда жумысына тартыў ҳәм соның менен бирге, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасын арттырыўда хошаметлеўши фактор болып хызмет етти.

Биз бул шәртлердиң әмел етиў мүддетлерин жаңа дәўирге созыўдан мәпдармыз. Бул преференциялар системасының региондағы барлық мәмлекетлерге енгизилиўи экономикаларымыздың индустриал потенциалы ҳәм бәсекиге шыдамлылығы артыўына хызмет етеди, деп есаплаймыз.

Буған мысал ретинде экспортшыларымыз Европа базарына улыўма баҳасы 4 миллиард евро болған 500 атамадағы санаат товарларын жеткерип бериўге таяр екенин атап өтпекшимен.

Соның менен бирге, регионымызда Европа Аўқамы талапларына муўапық заманагөй лабораториялар, стандартластырыў ҳәм сертификатлаў орайлары тармағын жаратыў, Европа базарларында ислеўи ушын экспорт етиўшилеримиздиң билим ҳәм потенциалын раўажландырыў, Европа компанияларының регион мәмлекетлери саўда имканиятлары ҳаққында хабардарлығын арттырыўға қаратылған илажлар өткериў сыяқлы өз алдына мәселелер де бар.

Тилекке қарсы, бул мәселелердиң ҳәммеси бойынша елеге шекем сезилерли нәтийжелерге ерисилгени жоқ. Оларды шешиў ушын Мәмлекетлеримиз экспорт ҳәм импорт етиўши кәрханаларды қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасын биргеликте ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимди қабыллаў процесиниң тез пурсатта жуўмақланыўы да бул ўазыйпаның орынланыўына хызмет етеди.

Екиншиден – турақлы экономикалық өсиўдиң әҳмийетли факторы сыпатында өз-ара байланысқан транспорт коридорларын қәлиплестириў.

Орайлық Азия ҳәм Европаның транспорт-коммуникациялық байланыслылығын, бәринен бурын, «Орта маршрут» деп аталған Транскаспий транзит коридорын қәлиплестириў арқалы раўажландырыў мақсетинде мәмлекетлеримиздиң ҳәрекетлерин бирлестириў әҳмийетли болып табылады.

Бул жойбар жақында Самарқандта өткен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки басқарыўшыларының ушырасыўында пуқта талланғанын атап өтиў керек.

Тилекке қарсы, бул магистральдың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мәселесинде өз-ара муўапықласқан көзқарас елеге шекем жоқ. Бүгин жүк тасыўдың тийкарғы көлемин пайда етип атырған бизнес ушын пайдалы болған тарифлер керек. Бирақ таллаўлар көрсетип атырғанындай, бул бағдардағы ағымдағы тариф ҳәм жыйымлар, мәселен, оптимал болған Арқа – Қубла жөнелислеринен 1,5 есеге жоқары.

Транспорт-логистика ҳәм порт ифраструктураларын жүклер ағымының прогноз етип атырған өсиўине сәйкес түрде кеңейтиў ҳәм жол қапламасының техникалық жағдайын жақсылаў мәселелери де айрықша әҳмийетке ийе.

Усы мүнәсибет пенен Транскаспий коридоры потенциалынан пайдаланыўдың турақлы ҳәм тәсиршең механизмин жаратыўды мақсетке муўапық, деп есаплаймыз. Бул мәмлекетлеримиз транспорт уйымлары ўәкилликли ўәкиллериниң турақлы ушырасыўларын өткерип барыўды нәзерде тутады.

Сондай-ақ, европалы бирге ислесиўшилер тәрепинен Европа ҳәм Орайлық Азия арасында турақлы транспорт коридорларын қәлиплестириў бойынша өткерилген изертлеўлердиң айрықша әҳмийетин атап өтпекшимен.

Үшиншиден – инвестициялық ҳәм технологиялық шериклик.

Имканиятларымыз ҳәм улыўма режелеримиз ҳаққында мен толық тоқтап өттим. «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» экономикалық форумы шеңберинде ҳәр жылы санаат-технология көргизбелерин өткериў мәселесин көрип шығыў ўақты келди.

Бүгинги ўақыядан келип шығып, Европа инвестициялық банки менен биргеликте Европаның жетекши компанияларының өндирис қуўатлылықларын мәмлекетлеримизге көшириў процесинде оларды финанслық қоллап-қуўатлаўдың арнаўлы механизмлерин иске қосыўдан мәпдармыз.

Банктиң регионаллық офиси Өзбекстанда жумыс алып барыўы ушын барлық зәрүр шараятларды тәмийинлеўге таяр екенимизди тастыйықлаймыз.

Төртиншиден – санлы өз-ара байланыслылық тараўында Евроаўқам менен тығыз бирге ислесиў нийетиндемиз.

Жәҳән банки қәнигелериниң изертлеўлерине бола, жоқары тезликтеги Интернеттен пайдаланыў имканиятларының және де кеңейтилиўи регион мәмлекетлери жалпы өниминиң ҳәм экспорт көлеминиң пропорциональ түрде артыўына алып келеди.

Бул бағдардағы «Европа топары» басламасын қоллап-қуўатлаймыз ҳәм «Орайлық Азия ушын санлы күн тәртиби»н биргеликте ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Бесиншиден – климат тараўындағы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў.

Бул жерде, бәринен бурын, Европаның алдынғы билим ҳәм технологияларын қолланған ҳалда мақсетли регионаллық жойбарларды әмелге асырыў есабынан экосистемалардың турақлылығын арттырыў ҳаққында сөз етилмекте.

Буннан тысқары, бүгин Өзбекстанда «жасыл энергетика» жедел раўажланып бармақта. 2030-жылға барып қайта тиклениўши энергия ислеп шығарыў қуўатлылықларын 25 мың мегаваттқа шекем арттырыў ҳәм оның үлесин 14 проценттен 40 процентке шекем жеткериўди жеткериўди реже еткенбиз.

Бүгин мениң кәсиплеслерим экология мәселелерине толық тоқтады. Мәселениң оғада әҳмийетлилигин есапқа алып, Европа Аўқамын усы жылы гүзде Улыўма қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолындағы Самарқанд басламасы шеңберинде өткерилетуғын биринши Халықаралық климат форумының да шөлкемлестириўшилеринен бири болыўға шақырамыз.

Биз шериклеримиздиң Орайлық Азия қоршаған орталықты ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетин шөлкемлестириў жойбарында белсене қатнасыўынан да мәпдармыз.

Алтыншыдан – туризмди раўажландырыў.

Бул тармақ пандемиядан кейин тез қайта тикленип атырғанын ҳәм турақлы жоқары өсиў пәтин көрсетип атырғанын атап өтиў керек. Соған қарамастан, Орайлық Азияның үлкен туризм потенциалы бүгинги күнде толық иске қосылмай атыр.

Орайлық Азия ушын турақлы туризмди раўажландырыўға жәрдемлесиў бағдарламасын биргеликте ислеп шығыў ҳәм оны усы жылдың октябрь айында Өзбекстанда өткерилетуғын Пүткил жәҳән туризм шөлкеми Бас ассамблеясының юбилей саммитинде усыныўды усыныс етемиз.

Бул бағдарлама инфраструктураны модернизациялаў ҳәм тарийхый мийрас объектлерин реконструкциялаў бойынша анық жойбарларды, авиақатнаўлар географиясын кеңейтиў ҳәм санын көбейтиў, пүткил регион ушын мөлшерленген бирден-бир туризм өнимлери ҳәм бағдарларын ислеп шығыў ҳәм виза тәртибин әпиўайыластырыў мәселелерин қамтып алады.

Жетиншиден – жаслар билимлендириўине инвестиция киргизиў.

Өзбекстанда Европаның жети университетиниң филиаллары табыслы жумыс алып бармақта. Бирақ бул жетерли емес.

Жақын келешекте Европа Аўқамы мәмлекетлериниң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен шерикликти жолға қойыў ҳәм қоспа билимлендириў бағдарламаларын биринши гезекте, техника қәнигеликлери бойынша енгизиў нийетиндемиз.

Билимлендириў министрлери ҳәм университетлер ректорларының усы форматтағы турақлы ушырасыўларын қайта тиклеў тәрепдарымыз.

«Европа горизонтлары» бағдарламасы шеңберинде Орайлық Азия ушын илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў жойбарларын қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў имканиятын көрип шығыўды усыныс етемиз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Қәўипсизлик тараўында жаңа қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарындағы бирге ислесиўди беккемлеў биргеликтеги жумысларымыздың ең әҳмийетли бағдары болып табылады.

Бүгин шегараларды қорғаў, наркотрафик ҳәм терроризмге қарсы гүресиў бойынша қоспа бағдарламаларды нәтийжели әмелге асырмақтамыз.

Кейинги жылларда еки  жүзден аслам регионаллық илажлар өткерилди. Европалы бирге ислесиўшилер жәрдеминде мыңлаған жоқары маман қәнигелер таярланды, шегара пунктлери модернизацияланды.

Экстремизм ҳәм радикализм, адам саўдасы, шөлкемлескен ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм шегараларды қорғаў тараўында жаңа шериклик бағдарламаларын ислеп шығыў зәрүр, деп есаплаймыз.

Усы мақсетте «Орайлық Азия – Европа Аўқамы: қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўдиң жаңа күн тәртиби» атамасында экспертлер конференциясын өткериўди усыныс етемиз.

Аўғанстан машқаласы итибарымыз орайында болып тур. Тилекке қарсы, Аўғанстандағы гуманитар жағдай тез пәтте төменлеп бармақта. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, ҳәзирги ўақытта миллионлаған аўғанлар апатшылық жағасында тур.

Усы мүнәсибет пенен шериклеримизди аўған халқына инсаныйлық жәрдеминиң көлемин азайтыўға шақырамыз. Усы мақсетте Термиздеги логистика хабының имканиятларын буннан былай да усыныўға таярмыз.

Аўғанстандағы жағдайды тәртипке салыў ҳәм оның тыныш раўажланыўына жәрдемлесиў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер шешими бойынша улыўма көзқарасларды ислеп шығыў ушын арнаўлы ўәкиллеримиздиң турақлы мәсләҳәтлесиўлерин даўам еттириўди усыныс етемиз.

Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

Бүгин кәсиплеслеримиздиң шығыўларында Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы арасындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған әҳмийетли басламалар алға қойылды.

Билдирилген ҳәр бир усыныс экспертлеримиз тәрепинен дыққат пенен үйренип шығылыўы оғада әҳмийетли болып табылады. Усы мүнәсибет пенен ушырасыўымыз жуўмақлары бойынша өз алдына «жол картасы»н ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўди мақсетке муўапық, деп есаплайман.

Сөйлесиўлеримизди турақлы өткерип барыў ҳаққындағы усынысты да қоллап-қуўатлайман.

Бул форматтағы дәслепки саммитти келеси жылы Өзбекстанда өткериў бағдарындағы басламамыз қоллап-қуўатланып атырғаны ушын миннетдаршылық билдиремен.

Бул ушырасыў жуўмақлары мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеўге қосымша пәт бағышлайды, регионда тынышлық ҳәм турақлылық, избе-из раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет етеди, деп исенемен.

Итибарыңыз ушын рахмет.