Ҳәр адамның өз өнери болады. Мәселен, айрым адамлар кесте тоқыса, айрымлары мазалы аўқатларды таярлайды. Ал, бүгинги бизиң қаҳраманымыз сүўретлеў өнериниң устасы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген өнермент, ақманғытлы Ибрайым Жолымбетов.

Ибрайым ағаның үйине кирген жердеги дийўалға орнатылған жолбарыс мүсинине көзим түсти. Оның тынықлығы таңлап алынған бояўлары жолбарысты тиридей етип көрсетип, өзиңди тири жолбарыстың алдыңда турғандай көресең.

Сондай-ақ, бир-биринен әжайып  рәңбә-рең гүллердиң түрин көрип көзиң қуўанады.

Ибрайым аға менен сәўбетлескенимде өзиниң өмирлик жолы, мийнетлери ҳаққында бир қатар мағлыўматлар алдым.

Оның сүўрет салыўға деген ықласы балалық дәўиринен басланған екен.

– Қағаз бетине гез келген тәбият көринисин түсириўге тырысқанман,-дейди өмирин өнерге айландырған Ибрайым аға. – 1992-жылы «Бөрилерди аңлаў» атлы шығармам дүнья жүзилик алтын фондқа қабыл етилди.

Ибрайым Жолымбетов сол жылы Украинада болып өткен художниклердиң  халықаралық форумына қатнасқан.





– Қрымның Гурзуф қаласында жеке көргизбем қойылды. Сол ўақытта Қрымдағы художниклер үйинде 4 ай болып, қара теңиз тәбиятынан илҳамланып 4 картина жараттым. Усы мийнетлерим есапқа алынып 1993-жылы Өзбекстан Республикасының биринши Президентиниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықландым,-деп даўам етти ол сөзин.

2008-жылы художниктиң жеке көргизбеси қойылған. 2009-жылы Қазақстан Республикасының Алма ата қаласында художниктиң Қазақстан Мәмлекетлик көркем өнер музейинде ҳәзирги заман өнери галереясында жеке көргизбеси қойылған ҳәм галереяның бас саўғасы ақшалай сыйлығын алыўға ерискен. Ал, 2011-жылы Қазақстан пайтахты Астана қаласында өткерилген халықаралық Азия ҳәм Европа галерея көргизбесинде бас сыйлық – Гран приди қолға киргизген. Сондай-ақ, ол Нөкис қаласындағы Бердақ миллий музейиниң хәм Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ишки ҳәм сыртқы безеў жумысларын ислеген. Нөкис районындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги де оның қолы менен дөретилген.

«Ташаббус-2021» таңлаўының «Жылдың ең жақсы өнерменти» номинациясы бойынша жеңимпаз болған.

Ибрайым Жолымбетов Өзбекстан художниклери аўқамының ағзасы.

Художниктин  дөретпелери Россия, АҚШ, Түркия, Германия, Италия, Украина, Корея, Ҳиндстан сыяқлы дүньяның 40 тан аслам еллериниң мәмлекетлик музейлеринде сақланып келинбекте.

Өмирин өнерге айландырған қыл қәлем ийесине келешектеги ислеринде де табыслар тилеймиз.


Әсем Есенгелдиева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, Мәлимлеме хызмети тәлим бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги