Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда мүддетинен алдын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриўге байланыслы, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанындағы сайлаў участкаларын дүзиў ҳәм сиясий партиялар тәрепинен усынылған қолтаңба бетлери дурыс толтырылғанын тексериўши эксперт топарларын дүзиўге байланыслы мәселелер көрип шығылды.
Биринши мәселе бойынша Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары Баҳром Қўчқоров мағлыўмат берди:
– Сайлаў кодекси ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 22-октябрьдеги 966-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында сайлаў участкаларын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режеге тийкарланып ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында сайлаў участкаларын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режеге тийкарланып сондай-ақ, Сыртқы ислер министрлигиниң усынысына муўапық, Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында сайлаў участкалары дүзиледи. Бул талаплардан келип шығып, мәмлекетимиздиң 39 сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында 56 сайлаў участкасын дүзиў мақсетке муўапық.
Нызамшылығымызға бола, Өзбекстан Республикасынан тысқарыда дүзилетуғын участкаларды округке бириктириў ҳаққындағы мәселе Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен шешиледи. Соннан келип шығып, сырт елдеги сайлаў участкаларын 14-Ташкент қалалық сайлаў округине бириктириў усыныс етилмекте,-деди ОСК баслығының орынбасары.
Мәжилисте бул мәселе бойынша сөз алған ОСК ағзалары жумыс, оқыў, хызмет сапары ҳәм басқа мақсетлер менен сырт еллерде болып турған Өзбекстан пуқараларының сайлаў ҳуқықларын тәмийинлеўде сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалар жанында 56 сайлаў участкасын дүзиў ҳаққында қарар қабыл етилди ҳәм бул сайлаў участкалары 14-Ташкент қалалық сайлаў округине бириктирилди.
Сондай-ақ, мәжилисте сиясий партиялар тәрепинен усынылған қолтаңба бетлериниң дурыс толтырылғанын тексериўши эксперт топарлары дүзилди сондай-ақ, тийисли қарар қабыл етилди. Эксперт топарының қурамына жәми 36 криминалист, хаттаныўшы эксперт-қәнигелер, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелери, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўәкиллери, мәкан пуқаралар жыйынларының ўәкиллери тартылды. Қолтаңба бетлерин тексериўде сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери де қатнасады.
Сиясий партиялар усынған қолтаңба бетлериниң дурыс толтырылғаны Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен төрт күнлик мүддетте тексериледи.
Мәжилисте көрилген барлық мәселелер бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарлары қабыл етилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы