7-май Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлық ҳәм бир қатар халықаралық сыйлықлардың лауреаты, «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлериниң ийеси Төлепберген Қайыпбергенов туўылған күни.
Усы мүнәсибет пенен республикамыздың барлық аймақларында, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында уллы жазыўшымызды еске алыў кешелери болып өтти.
Сәне мүнәсибети менен жазыўшы туўылып өскен, Нөкис районында да Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм район ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўи менен Т. Қайыпбергеновтыӊ шаӊарақ ағзалары, шәкиртлери ҳәм район белсендилериниң қатнасыўында мәдений-әдебий еске түсириў кешеси өткерилди.
Дәслеп илаж қатнасыўшылары Нөкис районындағы «Әзлер Баба» қойымшылығына барып, жазыўшыныӊ қәбирин зыяратлады ҳәм оның руўхына Қуран оқыды.
Соңынан Нөкис районы мәлимлеме-китапхана орайында еске түсириў кешесин өткерди.
Илажды Нөкис районы ҳәкиминиӊ жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Қ.Моятдинов басқарып барды.
Онда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, «Шуҳрат» медалы ийеси, жазыўшы Б.Ерназаров, Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Әбдиев, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының әдебий консултанты, әдебиятшы Сейдин Әмирлан ҳәм шайыр Ә.Қайыповлар шығып сөйлеп, прозамыздың ең ири көрнекли ўәкили болған Төлепберген Қайыпбергеновтың өмири ҳәм дөретиўшилиги, шығармаларының қарақалпақ ҳәм өзбек әдебиятындағы тутқан орны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде айтып өтти. Соның менен бирге, соңғы жыллары уллы жазыўшымыздың атын мәңгилестириў бойынша республикамызда исленип атырған жумыслар туўралы да мағлыўматлар берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.