Бүгин, 18-май күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Қарым-қатнас» халықаралық көркем өнер жойбары өз жумысын баслады.

Жойбар шеңберинде дәслеп музейде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилип, жергиликли журналистлер ҳәм блогерлерге жойбардың әҳмийети, жойбар бойынша өткерилиўи режелестирилген көргизбелер, сүўретлеў көркем өнери ўәкиллери ҳәм музей хызметкерлериниң қатнасыўындағы дөгерек сәўбетлери ҳаққында мағлыўматлар берилди.

– Биринши мәрте Қарақалпақстан Республикасында халықаралық заманагөй көркем өнер жойбарын басладық, -дейди «Рухсор» заманагөй көркем өнер музейиниң тийкарын салыўшы ҳәм президенти, «Қарым-қатнас» жойбарының авторы Нормурод Негматов. – Онда үш жерде халықаралық дәрежедеги көргизбелерди ашып атырмыз. Германияның ең белгили художниги И. Артёмованың үш ай даўамында И.В.Савицкий атындағы музей ушын арнаўлы түрде ислеген 30 метрлик инсталляциясын, «Рухсор» көркем өнер музейиниң коллекциясындағы шығармалар орын алған «Ўақыт капсуласы» ҳәм Америка, Италия, Вьетнам ҳәм жергиликли заманагөй көркем сүўретлеў дөретпелеринен ибарат «Мәнилердиң көшиўи» атамаларындағы халықаралық заманагөй  көргизбелерди тамашагөйлердиң нәзерине усынбақтамыз. Ҳәр күни көргизбелерден соң қатнасыўшылардың пикирин тыңлаў мақсетинде жойбар, көркем дөретпелер ҳаққында сәўбетлесиў шөлкемлестириледи.

«Халықаралық музейлер күни»не бағышланған жойбар И.В.Савицкий музейинде Германиялы художник Инна Артёмованың «Проуннан соң. Инсанияттан кейинги бослық ҳаққында ой-пикирлер» атамасындағы жеке көргизбеси менен басланды. Көркем сүўретлеўдиң авангард бағдарында салынған шығарма тамашагөйде үлкен тәсир қалдырады. Бир неше элементлерден туратуғын 30 метрлик композициялар геометриялық рамкаларсыз бир пүтин шығарманы қурайды. Онда куб ямаса квадратлар инсан мәдениятын, иймек сызықлар жер, ҳаўа ҳәм суўды, ноқатлы булытлар өсимлик, терек ҳәм гүллерди, овал белгилер ҳайўанларды аңлатады. Композицияларда инсан ҳәм тәбият қатнасықларының анализи өз сәўлелениўин тапқан.














19-май күни Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейинде, 20-майда Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбелер сарайында ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң XXI әсирдеги сүўретлеў көркем өнери тараўында ең заманагөй дөретиўшилик үлгилери менен танысыў имканияты жаратылады. Сондай-ақ, жойбар шеңберинде кураторлық экскурсиялар, мәденият ғайраткерлериниң көркем өнер тарийхы ҳаққындағы лекциялары, «Аймақтың тарийхы, көркем өнериндеги байланыслар ҳәм өзгерислер» атамасында дөгерек сәўбети шөлкемлестириледи.


Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўретлери