Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Ш.Перроның «Етик кийген пышық» атлы ертеги тийкарында сахналастырылған пьесаның премьерасы болып өтти.
Пьеса театрдың бас режиссёры О.Бектурғанов тәрепинен сахналастырылып, ертек қаҳарманларынан пышық ролин Б.Жапаров, Р.Орынбаев, Жак ролин Т.Ережепов, малика ролин М.Юсупова, С.Азатбаева, патша ролин Р.Тлемисов, адамхор ролин Р.Абдиреймов, Н.Нуратдиновлар атқарады. Премьерада шығып сөйлеўшилер бул ертек ҳаққында қысқаша мағлыўматлар берип, тәрбиялық әҳмийетин айрықша атап өтти.
Пьеса ертек жанрында жазылған болып, онда бас қаҳарман пышықтың хожейини Жакқа садықлығы ҳәм Жактың патша қызы малика менен өз муҳаббатына ерискени ҳаққындағы ўақыялар көрсетиледи. Жак пышықты бир өлимнен қутқарғаны ушын пышық оған бир өмир хызмет етиўге қарар етеди. Жак ҳәм малика өз муҳаббатына ерисиўи ушын ҳәр қыйлы қыйыншылықларға ушырасады. Пышық өзиниң ҳийлелери менен қызын Жакқа бериўге патшаны көндиреди. Жак пенен маликаның бахытлы күнлерге жетип келиўине себепши болған пышық бир өмирге садық хызметкерге айланады.
Бул ертек ҳеш қашан түскинликке түспеўге, күлки менен өмирдеги барлық қыйыншылықларды жеңиўге үйретеди. Пышықтың ақыллылығы ҳәр қандай жағдайдан шығыўға жердем береди.
Балалар ертекти тамашалап, кеўилли дем алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги