Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-май күни халықтың турмыс шараятлары, дөретиўшилик жумыслар менен танысыў мақсетинде Ташкент қаласының Шайхантаҳур районына барды.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Самарқанд дәрўаза мәҳәллесинде қурылған кәсипке бағдарлаў орайында болды. Бул жерде жаслар ҳәм ҳаял-қызларға саўда, маркетинг, қаржы, мәлимлеме технологиялары тараўындағы заманагөй кәсиплер үйретиледи. Кейин ала олардың жоқары дәраматлы жумыс табыўына да жәрдемлеседи. Орайдың әтирапы абаданластырылған, жүзимлер өрмелетип егилген.

Усы жерде кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары таныстырылды. 10-май күни бул мәселе бойынша өткерилген мәжилисте потенциалы исбилерменлерди жаңа жумыс орынларын жаратыўға хошаметлеў усынысы билдирилген еди.

Мәселен, Шайхантаҳур районында 51 мәҳәлле бар. Потенциалы жоқары исбилерменлер 100 ден аслам. Шәртнама тийкарында оларға мәҳәллелердеги жумыссызлар бириктирилмекте. Оған бола, мәмлекет шараят жаратады, исбилерменлер халықты кәсипке оқытып, жумыс пенен тәмийинлейди.

– Бул еки тәреплеме пайдалы, – деди Шавкат Мирзиёев. – Ҳәзир көп исбилерменлер жумысын кеңейтпекши, ҳәммеге маман жумысшы керек. Мақсетимиз – кәрханалар әмелий моноорайға айланып, тараўға қәниге таярласын. Буның ушын мәмлекет инфраструктура, қаржы, салық бойынша жеңилликлер береди. Жумыс орынларының көбейгени, халықтың сатып алыў қәбилети артқаны есабынан бул дәрамат нәтийжеде экономикаға қайтып түседи. Ең әҳмийетлиси, бул әмелият жаслар ушын тек ғана жумыс үйрениў емес, турмыс мектеби болады.

Презентацияда Шайхантаҳурдың туризм потенциалын иске қосыў бойынша усыныслар да көрип шығылды. Пайтахт районларының ҳәкимлери Қубла Корея, Сингапур сыяқлы мәмлекет тәжирийбесин үйрениўи зәрүр екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул орайдағы спорт-саламатландырыў комплексин де кирип көрди. Онда жабық суў бассейни ҳәм спорт залы бар.

Бул жерде спорттың сегиз түри бойынша дөгереклер жумысы жолға қойылған.

Президентимиз спорт залында шынығыўларда қатнасып атырған жаслар менен сәўбетлести.

– Спорт пенен шуғылланған жаслар бәрқулла өмирде өз орнын таўып кетеди, тәртипли болады, шериклерин де спортқа тартады. Бул бағдарда сизлерге барлық шараятларды жаратып беремиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Буннан кейин Президент райондағы мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесин барып көрди.

Мың орынға ийе бул мектеп инглис тили, шығыс тиллери ҳәм анық пәнлерди үйретиўге қәнигелескен. Мәкемеде оқыў ҳәм компьютер ханалары, STEM лабораториясы, китапхана, асхана, спорт зал, бассейн бар.

Мектептиң жаңа имараты өткен жылы сентябрь айында пайдаланыўға тапсырылған. Бүгин бул жерде 800 ден аслам оқыўшы билим алады.

Мектепте оқытыў методикасы өзгермесе, билимлендириўдиң сапасы да, мазмуны да, орталық та өзгермейди, – деген еди мәмлекетимиз басшысы билимлендириў системасындағы реформаларға байланыслы ушырасыўлардан биринде. Ҳәзирги мәселе бүгин тараўдағы жаңаланыўлардың әҳмийетли нормасына айланған.

Бул мектептеги оқыў ҳәм сабақлар мәмлекетимизде жасларды кеминде еки шет тили ҳәм бир өнерге үйретиў талабына сәйкес. Арнаўлы үскенеленген ханаларда оқыўшылар тигиўшилик, токарьлық, компьютер сырларын үйренбекте. Жаслардың қызығыўшылықларына сәйкес ҳәр түрли дөгереклер де шөлкемлестирилген.

Президентимиз усы мектеп тәжирийбеси тийкарында киши аймаққа көп оқыўшы орынларын жаратыў, мәмлекетлик емес мектеплерде билим бериўдиң сапасын қадағалаў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Оқыўшылар менен сәўбетте билим ең жақсы инвестиция екени, мәмлекет жаслардың зор қәниге болып, келешекте жолын табыў ушын барлық шараятларды жарататуғынын атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев Шайхантаҳур районындағы Жангоҳ мәҳәллесинде де болды.

Мәмлекетимизде төменги системаға қаратылып атырған итибар бул мәҳәлледе де айқын көзге тасланады. Пуқаралар жыйынының имараты, көп қабатлы турақ жайлар заманагөй көриниске ийе. Майданшалар ҳәм ишки жоллар тегисленип, әтирап абаданластырылған. Балалар дем алыў орны ҳәм автомобиль туратуғын жер шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы бул жумысларды көзден өткерди. Мәҳәлле баслығы ҳәм ўәкиллери менен сәўбетлести.

– Мәҳәлледе «беслик» системасын енгизилип, кеңнен имканиятлар бердик. Бүгин олар халық пенен мәмлекет арасында көпир. Бул көпир қанша әдил, ашық-айдын, беккем болса, халқымыз соншелли разы болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жангоҳ мәҳәллесинде 6 мың 700 ден аслам халық жасайды. Оннан аслам турмыслық хызмет ҳәм жүзден зыят саўда дүканларында мәҳәлле жаслары да жумыс ислемекте. Халықтың мазмунлы дем алыўы ушын да шараятлар жаратылған.

Ҳәр бир мәҳәллеге кирип барыў, адамлардың тилек ҳәм талабын мәнзилли үйрениў мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги мәселе болып есапланады. Жангоҳ мәҳәлесинде де жумыссыз пуқаралар менен сәўбетлесип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары көрилмекте. Социаллық дәптерлерге киргизилген 230 дан аслам пуқара турақлы итибарда.

Мәмлекетимиз басшысы «Янги Жангоҳ» басқарыў сервис компаниясының жумысы менен де танысты. Ол мәҳәлледеги 52 көп қабатлы сервис компаниясының жумысы менен де танысты. Ол мәҳәлледеги 52 көп қабатлы турақ жайға хызмет көрсетеди. 24 қәниге ҳәм арнаўлы техникалар бәрқулла таяр ҳалда. Есап-санақларда биллинг системасы жолға қойылған. Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде «Мениң үйим» мобиль қосымшасы енгизилген.

Жуўапкерлер менен сәўбетте коммунал тармақларды жаңалап барыў, халықтың исенимине ерисип, төлемлердиң турақлылығын тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәҳәлле әйўанында адамлар менен қызғын сәўбет болды.

– Биз жумысымыздың биринши күнинен ҳәмме жумысларды мәҳәлледе әмелге асырып атырмыз. Себеби бул инсанға ең жақын система. Мәҳәллеңиздеги абаданлық буған бир мысал. Бундай жумыслар тек ғана Ташкентте емес, Қарақалпақстаннан баслап Хорезмде де, Қашқадәрьяда да, барлық орынларда исленип атыр. Халқымыздың өзи – әдил төреши. Бүгин елимиздеги ҳәр бир инсан унамлы өзгерислерди сезип атыр. Енди бул жумысларды даўам еттирип, қаржы, салық, бәнтлик сыяқлы уйымлардың кеминде 30 процент ўәкилликлерин мәҳәлле дәрежесине түсиремиз. Бул – инсанлардың аўырын жеңил ететуғын, оларға сапалы хызмет көрсететуғын халықшыл система болады, – деди Президент.

Нураний ата ҳәм апалар мәҳәлледеги, улыўма етип айтқанда, елимиздеги өзгерислерден қуўанышлы екенин атап өтип, пәтияларын берди.

Президентимиз усы мәҳәллеге жақын, Абдулла Қадирий көшесиндеги қыябанда қурылған дем алыў аллеясын да көзден өткерди.

Халық толы қалада, көп қабатлы турақ жайлар жанында жасыл аймақлар, дем алыў парклерин шөлкемлестириў де халық ушын қолайлық жаратыўға қаратылған басламалар қатарына киреди.

Бул дем алыў аллеясының улыўма узынлығы 3 километрден асламды қурайды. Бул аралықта алып барылған жумыслар нәтийжесинде 11 гектар майдан пүткиллей жаңа көриниске енип, абаданластырылды.

Қалың тереклер ҳәм өзине тән ландшафт дизайны улыўмалық үйлесикке ийе. Аллея бойлап жайластырылған орынлықлар, 10 ға шамалас саўда орынлары, фонтанлар бул жерде сейил етип атырғанларға қосымша қолайлық жаратады. Бул жер халық ҳәм сырт елли туристлер ушын және бир дыққатқа ылайық орынға айланатуғыны атап өтилди.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары