Республикамыздың барлық аймақларында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, Мәденият ҳәм туризм министрликлери тәрепинен быйылғы жылдың май айы «Театр айлығы» деп жәрияланып, айлық шеңберинде Нөкис қаласындағы барлық театрларда оқыўшыжаслар ушын ҳәр қыйлы темаларда спектакльлер қойылмақта. Онда мектеплердиң дизими қәлиплестирилген ҳалда айлық даўамында, дизим тийкарында оқыўшыларға бийпул театр тамашалары шөлкемлестирилмекте.

  Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры жәмәәти усы айлық шеңберинде Нөкис қаласындағы 36 ҳәм 27-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшылары ушын театрластырылған тамаша бағдарламасы ҳәм «Қорқыт ата» спектакли көрсетилди.

М.Бегимовтың авторлығында Қ.Қалилаев тәрепинен сахналастырылған «Қорқыт ата» спектакли тарийхый шахс, түркий халықлардың арасында белгили әпсаналар қаҳарманы Қорқыт ата ҳаққында болып, өзиниң қобызы жәрдеминде ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған халық аўыз-еки дөретпелериниң, дәстанларымыздың бүгинги күнге шекем жетип келиўинде хызмети үлкен.

Спектакльде Қорқыт ата жийде терегинен қобыз әсбабын соғып, усы музыкалық әсбабы жәрдеминде халықтың қыйын турмысын, қуўанышлы ҳәм қайғылы күнлерин жырға салып жүреди.

– Бул спектакльди оқыўшылар айрықша қызығыўшылық пенен тамашалап атыр, -дейди сахналастырыўшы режиссёр Қобланбек Қалилаев. – Айлық шеңберинде театрымыз жәмәәти тәрепинен жас тамашагөйлерге «Жақсылық қайтады», «Гүлде бүлбил сайрайды» спектакльлери де көрсетилмекте.




Қарақалпақстан хабар агентлиги