Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен 14-май күни Транспорт тараўы хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының мәдений дем алысын тәмийинлеў мақсетинде “Жаңа Өзбекстан”, “Жаңа Қарақалпақстан” сүрени астында орайлық “Амфитеатр”да концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, халқымыздың алысын жақын етиў, оларға сапалы транспорт хызметин көрсетиўде жәмийетлик транспорт кәрханалары хызметкерлериниң тутқан орны ҳәм хызмети жоқары екенлигин атап өтти.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде көпшилик күнделикли турмысымызда жәмийетлик транспортлардан пайдаланады. Адамлардың узағын жақын етиў, мәнзилине бийқәтер ҳәм ўақтында жетип барыўын тәмийинлеўде транспорт тараўы хызметкерлериниң тутқан орны айрықша.

Концерт бағдарламасында усындай ийгиликли жумысларды инабатлы атқарып киятырған бир қатар транспорт тараўы ўәкиллерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң “Миннетдаршылық хаты” салтанатлы түрде тапсырылды.



Илаж көркем өнер хызметкерлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти





Қарақалпақтан хабар агентлиги