2023-жыл 13-май күни «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Орайлық кеңесиниң гезексиз пленумы болып өтти.

Пленум қатнасыўшылары миллий раўажланыўды әмелде тәмийинлеп атырған, миллет ҳәм Ўатанға садықлығы, халықшыллығын дәлиллеген Президент – Шавкат Мирзиёевтиң кандидатурасын Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы менен биргеликте қоллап-қуўатлаў зәрүр, деген шешимге келди.

Пленумда мүддетинен алдын Президентлик сайлаўларында Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң кандидатурасын алға қойыў бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги