Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-май күни қоспа Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын мәмлекетимизде болып турған Тәжикстан Республикасы Бас министри Қоҳир Расулзаданы қабыллады.

Өзбекстан-Тәжикстан жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды, әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары додаланды.

Сөйлесиў алдында Бас министр Қоҳир Расулзада мәмлекетимиз басшысына Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмонның сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерге муўапық жедел раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда ҳәм жүк тасыў көлеми артпақта, табыслы кооперациялық жойбарлар көбеймекте. Яғный аймақлараралық байланыслар жолға қойылған, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жедел әмелге асырылмақта.

Товар алмасыўды арттырыў, энергетика, машина қурылысы, аўыл хожалығы, транспорт, қазып шығарыў, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм басқа да тармақларда перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Усы мәниде, бүгин Ташкент қаласында еки мәмлекет бас министрлериниң басшылығында өткерилген қоспа Ҳүкиметлер аралық комиссия мәжилисиниң қарарларын әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ӨзА