Усы жылдың 11–май күни Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң гезексиз пленумы болып өтти.

Онда Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық Кеңеси ағзалары, Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы партия фракциясы ағзалары, аймақлық партия шөлкемлериниң басшылары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Пленумда мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында Өзбекстан Экологиялық партиясының қатнасы ҳаққындағы, сондай-ақ, Өзбекстан Экологиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына талабан көрсетиў бойынша партия съездине усыныс киргизиў ҳаққындағы мәселелер додаланды.

Партия съездин шақырыў ҳәм съезд күн тәртиби, съездге делегатлар сайлаў мәселесинде аймақлық партия шөлкемлериниң конференцияларын өткериўге байланыслы шөлкемлестириў илажлары көрип шығылды.

Пленумда сиясий партиялар ушын жаратылып берилген кең ҳуқық ҳәм имканиятлардан толық пайдаланып, партияның бағдарламалық мақсет, идеялары ҳәм оның электораты мәплеринен келип шыққан ҳалда, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында партияның мүнәсип қатнасын тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.

Соның менен бирге, пленум қатнасыўшылары тәрепинен партияның сайлаў кампаниясын нәтийжели өткериўди тәмийинлеў бойынша бир қатар шөлкемлестириў ҳәм идеологиялық бағдарда усыныслар билдирилди.

Пленумда Өзбекстанда сиясий партиялар ҳәм пуқаралар сайлаў ҳуқықларын әмелге асырыў ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылғаны, Жаңа Президент сайлаўы Сайлаў кодекси тийкарында көп партиялылық, партиялараралық еркин бәсеки, ашық-айдынлық принциплери тийкарында өткерилетуғыны айрықша атап өтилди.

Шығып сөйлегенлер сайлаў алды үгит-нәсиятлаў дәўиринде партия шөлкемлери ҳәм белсендилериниң нәтийжели жумыс алып барыўы, нызам менен белгиленген ўәкилликлерден келип шығып, биринши гезекте усы әҳмийетли сиясий процесслерде электораттың хабардар екенлиги ҳәм белсендилигин арттырыўға қаратылған үгит-нәсиятлаў илажларының сапасы ҳәм нәтийжелилиги мәселелерине айрықша итибар қаратылыўын атап өтти.

Пленумда Өзбекстан Экологиялық партиясының болажақ съездинде Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына талабан етип партия Орайлық Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы Хамзаев Абдушукур Худойкуловичти көрсетиў бойынша қарар қабыл етилди.

Билдирилген пикир-усынысларды инабатқа алған ҳалда, додаланған барлық мәселе бойынша Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық Кеңеси пленумы тийисли қарарларды қабыллады.

Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына талабан

Абдушукур Худойкулович Хамзаевтиң

өмир баяны

Абдушукур Худойкулович Хамзаев 1973-жыл 10-декабрьде Сурхандәрья ўәлаятының Узун районында зиялылар шаңарағында туўылған. Миллети – өзбек. Жоқары мағлыўматлы, 1995-жылы Самарқанд аўыл хожалығы институтын, 2013-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў Академиясын тамамлаған. Аўыл хожалығы илимлериниң докторы, профессор.

Мийнет жолын Узун районындағы «Намуна» жәмәәт хожалығында бөлим агрономлығынан баслаған. 1996-1999-жыллары Самарқанд аўыл хожалық институты аспирантурасын табыслы тамамлаған.

1999-2017-жыллар даўамында Самарқанд аўыл хожалығы институтында ассистент, аға оқытыўшы, оқыў ислери бойынша декан орынбасары, руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша проректор лаўазымларында ислеген.

2017-2022-жыллары Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институты директоры сыпатында жумыс алып барған.

2022-жылдан Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы лаўазымында ислеп келмекте.

А.Х.Хамзаевтиң ҳәзирги күнге шекемги 280 нен аслам илимий жумыслары басып шығарылған. Сондай-ақ, ол 20 ға шамалас хожалық егин сортлары ҳәм 16 ойлап табылыўдың авторы болып есапланады.

А.Х.Хамзаев аўыл, тоғай ҳәм экология тараўында халықаралық тәжирийбелерге ийе болып, Қытай, Япония, Қубла Корея, Израил, Түркия, Германия, Болгария, Россия сыяқлы мәмлекетлерде тәжирийбе арттырған. Оның басламасы менен ҳәзирги күнде тараўға байланыслы 10 нан аслам сырт ел оқыў ҳәм илимий шөлкемлер менен бирге ислесиў жолға қойылған.

А.Х.Хамзаев нызам дөретиўшилиги процесинде де белсене қатнасып келмекте. Атап айтқанда, ол «Туқымгершилик ҳаққында»ғы, «Тоғай ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының жайлаўлар ҳаққында»ғы Нызамларын таярлаўда тиккелей қатнасқан.

Соның менен бирге, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетинде Эксперт кеңесиниң баслығы сыпатында 20 ға шамалас нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаўда қатнасқан.

А.Х.Хамзаев шаңарақлы, үш перзенти бар.

ӨзА