Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 11-май күни аймақларда энергия тәмийнаты ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў мәселелерин додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимизде энергия дәреклерин көбейтиў ҳәм олардан үнемли пайдаланыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Кейинги алты жылда 5 мың мегаваттан аслам жаңа электр қуўатлылықлары жаратылған. Усы жылдың январь-апрель айларында қосымша 726 миллион киловатт саат электр ислеп шығарылған.

Соның менен бирге, усы жылы 3 миллиард 400 миллион киловатт саат электр жетиспеўшилиги болыўы, жаздың ыссы күнлеринде оған күнлик талап ҳәзирги 195 миллион киловатт сааттан 255 миллион киловатт саатқа жетиўи мүмкин.

Мәжилисте бул талапты қаплаў, электр тармақларының үзликсиз жумыс ислеўин тәмийинлеў илажлары додаланды.

Жуўапкерлер усы жылы 2 мың мегаватт қуўаатлылыққа ийе қуяш ҳәм самал электр станцияларын иске қосыў, кәрхана, шаңарақлық ҳәм социаллық объектлерде 1 мың 200 мегаваттлы қуяш панеллерин орнатыў бойынша мәлимлеме берди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жумыслардағы кемшиликлерди таллаўлар тийкарында көрсетип өтти. Мәселениң ишине кирмеген, немқурайдылыққа жол қойған айырым район ҳәм қала ҳәкимлерине ескертиў берилди.

Бул тараўды хошаметлеў мақсетинде Президенттиң «Жасыл энергия» сертификатлары системасын енгизиўге байланыслы қарарына қол қойылғаны жәрияланды. Онда, 1-июльден гидроэлектрстанцияларда ислеп шығарылған электр энергиясы ушын «жасыл» сертификат бериледи. Бул система 1-октябрьден баслап, барлық қайта тиклениўши энергия дәреклеринен алынған электр ушын енгизиледи.

Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен барлық саўда ҳәм сервис кәрханаларына қуяш панеллери ушын кредит төлемлериниң 4 проценти қаплап бериледи. Халықаралық финанс шөлкемлеринен 100 миллион доллар тартылып, халық ҳәм исбилерменлерге оптимал шәртлерде ажыратылады.

Жуўапкерлерге бул системаны енгизип, халық ҳәм исбилерменлерди хошаметлеў, социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик уйымларда киши қуяш панеллерин орнатыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте электр тармақларын оңлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Бул бағдарда Ташкент қаласында бағдарлама қабыл етилип, жумыслар басланған. Ҳәзирги ўақытқа шекем 667 километр электр тармағы ҳәм 175 трансформатор жаңаланған.

Ўәлаят ҳәкимлерине электр үскенелери ҳәм материаллар резервин жаратыў, быйылғы жылға режелестирилген оңлаў жумысларын 1-августқа шекем жуўмақлаў ўазыйпасы қойылды. Буның ушын қосымша бригадалар шөлкемлестирилип, маман қәнигелер тартылады.

Электр тәмийнатында үзилислердиң алдын алыў ушын 1-июньнен баслап, ыссылық электр станцияларына бүгинги күнге салыстырғанда 6 миллион куб метр көп газ жеткерип берилетуғыны белгиленди. Сырдәрья ўәлаятында «ACWA Power» компаниясы тәрепинен қурылып атырған электр станциясының биринши 500 мегаваты да жазда иске қосылады.

Усы жылы 13-февральда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жанылғы-энергия ресурсларынан пайдаланыў тараўында мәмлекетлик қадағалаў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Бул бағдарда нызамшылыққа әмел етилиўине жуўапкер Бас прокурордың орынбасары лаўазымы енгизилип, тутас қадағалаў системасы жаратылды. Бүгинги күнге шекем 250 миллиард сум муғдарында энергия ресусрларының нызамсыз жумсалғаны анықланып, зыян өндирилген.

Мәмлекетимиз басшысы  бул жумысларды даўам еттирип, нызамсыз тутыныўды сапластырыў шәрт екенин атап өтти.

Энергенияны үнемлеў, көмир қазып шығарыўды көбейтиў мәселелерине де тоқтап өтти.

Тараўдағы және бир әҳмийетли мәселе – бензин ҳәм дизель жанылғысы тәмийнаты. Елимизге бул өнимлерди алып келиўге шеклеўлер алып тасланған. Орынларда 1 миллион тонна жанылғыны сақлаў сыйымлары бар. Буннан пайдаланып, ҳәр бир аймақ бензин ҳәм дизель резервин қәлиплестириўи керек екени атап өтилди.

Кейинги ўақытларда электромобильлер ғалаба ен жаймақта. Мәмлекетимизге усы жылдың өзинде 5 мыңға шамалас транспорт алып келинди. Оған шараят жаратыў ушын берилген жеңилликлерди қолланып, орынларда қуўатлаў қурылмаларын көбейтиў зәрүрлиги айтып өтилди.

ӨзА