Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң

Олий Мажлис палаталары ағзалары, сиясий партиялар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыўдағы шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли парламент ағзалары, сиясий партиялар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери!

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Хабарыңыз бар, быйыл 30-апрель күни мәмлекетимиз турмысында, сөзсиз, шын мәнисиндеги үлкен тарийхый ўақыя болып өтти. Биринши мәрте референдум тийкарында жаңаланған Конституциямызды қабылладық.

Референдумда қатнасқан пуқараларымыздың басым көпшилиги «Бул – мениң Конституциям», деп мақтаныш пенен даўыс берди.

Референдум кейинги жыллары халқымыздың сиясий санасы, ҳуқықый мәденияты ҳәм көзқарасының қаншелли жоқарылағанын әмелде көрсетти. Бул тарийхый таңлаў арқалы халқымыз буннан алты жыл алдын баслаған реформаларымызға үлкен исеним менен қарап, оларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте көрсетти. Ел-халқымыздың мине, усындай, уллы қарары тийкарында мәмлекетшилигимиз ҳәм экономикамызды буннан кейин де турақлы раўажландырыў ушын исенимли тийкар жаратылды.

Булардың барлығы – миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәр бир ўатанласымыз «ислесе болатуғын екенғо», деп, өз хожалығы, шаңарағы мысалында елимизде жүз берип атырған үлкен өзгерислерди анық сезип атырғанынан дәрек емес пе?

Конституциямыздың жойбарын додалаўдан баслап оны қабыл еткенге шекемги дәўирде өткерилген улыўмахалықлық додалаўларда миллионлаған ўатанласларымыз белсене ҳәм мүнәсип қатнасты. Усы көзқарастан қарағанда, жаңаланған Конституциямыздың ҳақыйқый авторы халқымыз болды, деп айтыўға барлық тийкарларымыз бар.

Ең әҳмийетлиси, енди реформаларымыз жолынан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз, «инсан-жәмийет-мәмлекет» деген жаңа система тийкарында тек ғана алдыңға қарап барамыз.

Әлбетте, халқымыздың референдумдағы даўысы, билдирген жоқары исеними бәршемизге үлкен жуўапкершилик жүклейди, ел-халқымызды разы етиў ушын бизди жаңа шеклерге ийтермелейди, реформаларды жедел даўам еттириўде және де үлкен күш-ғайрат ҳәм илҳам бағышлайды.

Пурсаттан пайдаланып, өзиниң жоқары пуқаралық миннетин шын кеўилден орынлап, Тийкарғы нызамымызды қабыллаўда әмелий усыныс ҳәм басламалары, идея ҳәм пикирлери менен белсене қатнасқан көп миллетли, мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымызға тәжим етемен.

Соның менен бирге, жәмийетимиздеги жаңаланыў ҳәм өзгерислерди әмелге асырыўда жанкүйерлик көрсетип, ийгиликли жумысларымызда бизди қоллап-қуўатлап киятырған ҳүрметли нураныйларымыз, илим ҳәм мәденият ғайраткерлери, зиялыларымызға, жанкүйер муғаллим-тәрбияшылар ҳәм шыпакерлеримизге, экономикамыздың раўажланыўына жаңа күш берип атырған исбилерменлеримизге, жумысшы-хызметкерлер, мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримизге, кластерлер хызметкерлерине, жәмийетимиздиң таяныш үстини болған мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм профилактика инспекторларына, келешегимиз ийеси болған күш-ғайратлы жасларымызға шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Сондай-ақ, халық пенен пикирлесип, оның пикирин алып, Тийкарғы нызамымызды жетилистириўге өз үлесин қосқан Конституциялық комиссия ағзаларына, бәрше депутат ҳәм сенаторлар, сиясий партиялар ўәкиллерине, нызам жойбарын халықаралық стандартлар тийкарында ислеп шығыўда белсене қатнасқан илимпазлар, жергиликли ҳәм сырт ел экспертлерине, референдум процесслерин ҳақыйқый сәўлелендирип, өзиниң әдил пикирлерин билдирген барлық ғалаба хабар қуралларынының хызметкерлерине, халықаралық бақлаўшыларға өз алдына рахмет айтаман.

Әзиз ўатанласлар!

Әлбетте, халқымыз өз таңлаўын әмелге асырып, жаңаланған Конституция ушын даўыс берген 30-апрель сәнеси тарийхымызда умытылмас жарқын бет болып қалады. Мине, усы күнди көпти көрген, өмирдиң мәнисин, тынышлық ҳәм инсан қәдирин терең аңлайтуғын ел-халқымыз демократия, еркинлик ҳәм теңлик, социаллық әдиллик ҳәм тилеклеслик идеяларына садықлығын және бир мәрте әмелде тастыйықлады.

Әййемги тарийхымыздан келип шыққан ҳалда, ата-бабаларымызға тән ийгиликли қәдириятларды жүзеге шығарыў, яғный инсанды улығлаў, оның ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, адамларымыз бенен мәсләҳәтлесип жумыс ислеў биз ушын ҳақыйқый демократия үлгиси болып табылады.

Халқымызда «Аўызбиршилик бар жерде илгерилеў бар», деген дана нақыл бийкарға айтылмаған. Шынында да, өз-ара татыў ҳәм аўызбиршиликли болған елде әлбетте, қут-берекет, раўажланыў болады.

Бизиң ең үлкен байлығымыз – Өзбекстанды өзи ушын бирден-бир Ўатан деп билетуғын көп миллетли уллы халқымыз болып табылады. Жанажан елимизде қәлиплескен миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты – мине, усындай бийбаҳа ғәзийнемизди көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў ҳәммемиздиң уллы миннетимиз.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Жаңаланған Конституциямыздың биринши статьясында Өзбекстан – суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет деп, қатаң белгилеп қойылғаны тарийхый әҳмийетке ийе. Халқымыздың ерк-ықрары менен Тийкарғы нызамда белгиленген бул принциплер- мәмлекетимиздиң раўажланыў жолы менен тәғдирин, оның келешегин белгилеп берген бул «бес үстин» ҳеш қашан өзгертилмейди.

Дүньяда күннен-күнге жаңа сынақлар, қәўип-қәтерлер пайда болып атырғанын бәршеңиз көрип турсыз. Ең абырайлы сиясаттаныўшы ҳәм экспертлер де, «ақыл орайлары» да жер жүзинде жүз берип атырған ҳәзирги келиспеўшилик ҳәм соқлығысыўлар қашан ҳәм не менен тамамланыўын айта алмай атыр.

Усындай қурамалы жағдайда, ҳәр бир исимизде, қабыл етилип атырған барлық нызам ҳәм қарарларымызда тек ғана халқымыз, Ўатанымыз мәплери ең тийкарғы орында турыўы шәрт. Оның ушын, бириншиден, ата-бабаларымыздың әсирлик әрманы болған, теңсиз ҳәм уллы жемис – ғәрезсизлимигизди қәстерлеп сақлаў, оны және де беккемлеў ҳәм келешек әўладларға мийрас етип қалдырыў ҳәммемиз ушын өмир-өлим мәселеси екенин умытпаўымыз зәрүр.

Бизиң үш мың жыллық мәмлекетшилик тарийхына, бай ҳәм бийтәкирар мәдениятқа ийе дөретиўши халқымыз бар. Қырқ миллионға шамаласып баратырған бүгинги Өзбекстан халқының тәғдири ҳәм келешеги, абадан турмысы ушын ҳәммемиз жуўапкермиз. Сол себепли елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаў ҳәм беккемлеў буннан былай да ең әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалады.

Усы мақсетте миллий қәўипсизликти тәмийинлеў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыўға қаратылған жумысларымызды жаңа басқышқа алып шығамыз.

Ел-халқымыздың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў ушын «қәўипсиз қала», «қәўипсиз мәҳәлле», «қәўипсиз көше» концепцияларын жедел әмелге асырамыз. Оның ушын жаңадан шөлкемлестирилген «мәҳәлледеги беслик» системасын мәмлекет ҳәм жәмийет тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз. Пуқаралар арасындағы татыўлық, миллетлераралық дослық ҳәм кеңпейиллик орталығын және де беккемлеў ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.

Дүньядағы ҳәзирги қурамалы жағдайда тынышлықты сүйиўши сыртқы сиясатымызды даўам еттирип, узақ ҳәм жақын мәмлекетлер менен дослық байланысларын, барлық тараўларда өз-ара бирге ислесиўди раўажландырамыз.

Биз мәмлекетимиздиң суверенитетин және де беккемлеўде глобал климат өзгериўи, азық-аўқат, энергетика, логистика менен байланыслы қәўип-қәтерлер, суў тамтарыслығының унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша жаңа баслама ҳәм бағдарламалар ислеп шығып, шериклеримиз бенен бирге жедел жумыс алып барамыз.

Екиншиден, биз Өзбекстанды социаллық мәмлекет, деп жәрияладық.

Мәмлекетимизде 2 миллион 200 мыңнан аслам шаңарақлар социаллық жәрдемге мүтәж. Халқымыздың 55 проценти жаслардан ибарат.

Усы жерде бир мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман. Жаңаланған Конституциямызда мәмлекеттиң социаллық миннетлемелери 3 есеге көбейтилмекте. Бул санды айтыў аңсат, бирақ оны әмелде тәмийинлеў ушын жүдә көп ислеўимиз зәрүр. Оған мәмлекет бюджетинен ҳәр жылы қосымша 30-40 триллион сум ажыратыў керек болады. Соның есабынан, ҳәр жылы жүзлеген жаңа бақшалар, мектеп ҳәм емлеўханалар қурыўымыз керек.

Жаслар сиясатын, тәлим-тәрбия, илим, мәденият ҳәм спорт тараўларын раўажландырыўды тийкарғы ўазыйпа сыпатында жоқары басқышқа көтериў бойынша да жаңа имканиятларды жумсаймыз. Нураныйлар, жалғыз кекселер, майыплығы болған инсанлар, айрықша итибарға мүтәж халық қатламына социаллық хызметлер көлемин және де кеңейтемиз. Мийнет ҳақы, пенсия, напақа ҳәм стипендиялар муғдарын турақлы арттырып барамыз.

Өзимизге сораў берейик, не ушын халқымыз референдумда буншелли белсене болды?

Неге олар реформаларымызды қоллап-қуўатламақта? Себеби, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларымыздың аўылларынан баслап, пайтахтымыздың мәҳәлле ҳәм көшелериндеги үлкен дөретиўшилик ҳәм абаданшылық жумысларын өз көзлери менен көрмекте.

Бир ғана мысал, өткен жылдан баслап «ашық бюджет» системасын енгизгенимиз аўыл ҳәм мәҳәллелердеги әпиўайы адамларымыздың кейпиятына қандай унамлы тәсир көрсеткенин ҳәммемиз көрип, билип турмыз. Бирақ, адамларымыздың өсип баратырған талапларын қанаатландырыў ушын ҳәзиргиге қарағанда еки есе көп жумысларды орынлаўымыз керек.

Жақсы билесиз, биз мәмлекетимизде кәмбағаллық бар екенлигин тән алып, айрықша бағдарламалар тийкарында оны қысқартыў бойынша үлкен жумыс алып бармақтамыз.

Усы мақсетте халық, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың дәраматын арттырыў бойынша «үш дәптер», социаллық реестр системасын жолға қойып, салмақлы нәтийжелерге еристик. Бирақ еле ислейтуғын жумысларымыз да аз емес.

Бул бойынша адамларымыз жаңаланған Конституциядан, биз енгизип атырған жаңа системадан көп нәрселерди күтпекте.

Халқымызға мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ушын, бәринен бурын, экономикалық өсиўди тәмийинлеў зәрүр. Жалпы ишки өнимимиз көлемин ҳәзирги 80 миллиард доллардан жақын жылларда 160 миллиард долларға жеткериў ушын бар имканиятларды иске қоысыўымыз керек. Бул – халықтың жан басына жалпы ишки өним көлеми 4 мың долларға жетеди, дегени.

Биз буннан былай да жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў, салық ҳәкимшилигин және де әпиўайыластырыў, мәмлекеттиң экономикадағы қатнасын азайтыў бағдарындағы жумысларды жедел даўам еттиремиз. Әсиресе, аўыл ҳәм суў хожалығы, санаат, энергетика, транспорт, қурылыс тараўларына үлкен-үлкен инвестициялар тартылады.

Улыўма, ҳүкимет 1-августқа шекем мәмлекет өзине алған ҳәр бир жаңа миннетлеме бойынша олардың қаржылары, атқарыў механизмлери, бул мәселеде жуўапкер министрлик ҳәм ҳәкимликлер сондай-ақ, жуўапкерлер анық көрсетилген айрықша бағдарлама ислеп шығып, парламентимизге киргизеди.

Үшиншиден, Конституциямызда биринши мәрте, Өзбекстан Республикасына ҳуқықый мәмлекет деп тәрийп берилди.

Бас нызамымызда инсан ҳуқықларының кепилликлерине байланыслы нормалар да 3 есе көбейтилди.

Бул – бәринен бурын барлық тараўда нызам үстинлиги тәмийинленеди, дегени.

Буннан былай, нызамлардағы анықсызлықлар инсан пайдасына шешиледи.

Ең әҳмийетлиси, «Нызам-муқаддес, ҳәр қандай жағдайда да әдилликти орнатыў шәрт!» деген көзқарас жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы, әсиресе, лаўазымлы шахслар ушын турмыс қағыйдасына айланыўы керек.

Соның менен бирге, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў ушын судлардың әдил ҳәм еркин жумыс алып барыўын әлбетте, әмелде тәмийинлеўимиз зәрүр.

Усы мақсетте, Тийкарғы нызамымызда ҳеш ким суд қарарысыз 48 сааттан артық услап турылыўы мүмкин емеслиги белгиленди. Еркинликти шеклеўге тек ғана суд қарары тийкарында жол қойылыўы ҳаққындағы қағыйда беккемленди. Айыпланыўшыға өзине қарсы көрсетпе бермеў, яғный «тынышлықты сақлаў» ҳуқықы биринши мәрте айрықша белгилеп қойылды. Адвокатлардың статусы арттырылып, олардың тергеўши ҳәм прокурор менен тең ўәкилликке ийе екени атап өтилди.

Әлбетте, Тийкарғы нызамға киргизилген бул алдыңғы жаңалықларды әмелде енгизиў аңсат болмайды, көп жәмийетлер бундай өзгерислерди тек ғана әрман етеди. Оның ушын суд-ҳуқық уйымларының кадрлар потенциалын жақсылаў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўимиз зәрүр.

Ең әҳмийетлиси, тергеўши, прокурор, судья, адвокатлардың билим ҳәм тәжирйибеси, руўхый дүньясын жоқарылатыў менен бирге, халықтың да ҳуқықый мәдениятын арттырыў, ҳәммемиз ушын дүньяға көзқарасымызды өзгертиў талап етиледи. Қандай аўыр болмасын, бул жумысларды әмелге асырыўды заманның өзи талап етпекте.

Төртиншиден, демократиялық раўажланыў жолын исенимли даўам еттиремиз.

Бас нызамымызда бул мақсетке ерисиў кепилликлерин және де күшейттик. Бизге инсан ҳәм бизнестиң аўырын жеңил ететуғын, оларға сапалы хызмет көрсететуғын ықшам ҳәм нәтийжели басқарыў системасы керек. Ҳәкимшилик реформаларды мине, усы мақсетте басладық. Биринши басқышта ҳүкимет ҳәм министрликлер ықшам етилип, олардың жумыс усылы өзгертилди. Гезектеги ўазыйпамыз – ўәлаят ҳәм район дәрежесинде де басқарыў сапасын арттырыўдан ибарат.

Мениң ең үлкен нийетим – адамларды қыйнап атырған машқалаларды мәҳәллениң өзи шешетуғын халықшыл система жаратыў. Сонлықтан, қаржы, салық, бәнтлик сыяқлы уйымлардың кеминде 30 процент ўәкилликлерин мәҳәлле дәрежесине түсириў мөлшерленбекте.

Соның менен бирге, жаңаланған Конституциямыздағы өзгерислер бир қатар сиясий реформаларды да нәзерде тутады. Бул бағдарда парламент жумысында әҳмийетли өзгерислер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Нызамшылық палатасының пүткиллей ўәкилликлери әмелдеги 5 еўден 12 ге, Сенатта болса 14 тен 18 ге жеткерилди.

Соның менен бирге, палаталардың ўәкилликлерине де анықлық киргизилди. Мәселен, ҳүкиметти қәлиплестириў, оның жумысы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў мәселелери Нызамшылық палатасының ўәкиллигине өткерилди.

Соның менен бирге, депутатларымыз тийкарғы итибарды нызамлардың сапасы ҳәм тәсиршеңлигин арттырыўға қарататуғын, олардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде ҳүкимет пенен биргеликте қатты ислейтуғын ўақыт келди.

Сенаттың жумысы болса аймақлар менен байланыслы мәселелерди шешиў, жергиликли Кеңеслерге ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, орынларда, әсиресе, мәҳәллелерде нызамлардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылыўы зәрүр.

Булардың барлығы, депутат ҳәм сенаторларымызға үлкен жуўапкершилик жүклеўи тәбийғый, әлбетте. Енди олар төменге түсип, көбирек адамларымыз бенен ушырасып, олардың машқалаларын тыңласа, министрлер ҳәм ҳәкимлер менен биргеликте ҳәр бир мәселе бойынша анық шешимлерди тапса, буннан улыўма жумысымызға тек ғана пайда болады.

Ҳәзирги күнде халықтың даўысы менен пикирин кең жәмийетшиликке, мәмлекетлик уйымлардың итибарына алып шығып атырған ең тәсиршең күш, бул – ғалаба хабар қураллары, журналистлер болып есапланады.

Жәмийетимиздеги ашықлық сиясатын избе-из даўам еттириў мақсетинде ғалаба хабар қураллары жумысының еркинлиги, мәлимлеме алыў, пайдаланыў ҳәм тарқатыўға болған ҳуқықлар қатаң кепилликленбекте.

Соның менен бирге, сөз еркинлиги, бул – жуўапкершилик болып табылады. Яғный мәлимлеме мәканында ҳақыйқыйлық ҳәм әдиллик бас норма екенин умытпаўымыз зәрүр.

Сондай-ақ, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ролин арттырыў, ҳуқықларын кепилликлеў арқалы пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады.

Бесиншиден, Өзбекстан – дүньялық мәмлекет ҳәм буннан кейин де сондай болып қалады.

Халқымыздың референдум арқалы билдирген ерк-ықрары, исенимли таңлаўы да усы.

Буннан былай да миллети, тили, дини ҳәм социаллық келип шығыўына қарамастан, ҳәр бир пуқараның ҳүждан еркинлиги тәмийинленеди. Барлық диний конфессиялар еркин жумыс алып барыўы ушын зәрүр шараятларды жаратып беремиз. Мәмлекетимизде миллетлер ҳәм конфессиялар арасында татыўлық ҳәм тилеклесликти тәмийинлеў сиясатын избе-из даўам еттиремиз. Жәмийетимизде ҳәр қандай радикалласыўға, диннен сиясий мақсетлерде пайдаланыўға ҳеш қашан жол қоймаймыз.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Мен Президент сыпатында жумыс баслаған биринши күннен-ақ «Биз халқымызға хызмет етиўге келгенбиз. Биз халқымызды разы етиў ушын келгенбиз», деген нәплерди бәрқулла тәкирарлайман.

Биз реформаларды баслаған ўақытта, өзимиз ойламаған жүдә көп машқалалар ҳәм сынақларға ушырастық. Оларға ел-халқымыз бенен биргеликте шешим таўып, ҳәр бир мәселени орнында шешип атырмыз. Себеби, жаңаланған Конституциямыздың мәнис-мазмуны, бас мақсети де халқымыздың абадан турмыс кешириўи ушын мүнәсип шараят жаратып бериўден ибарат. Бул мақсет жолында қаншелли аўыр болмасын, зәрүр қаржыларды, керек болса, артықшасы менен таўып, барлық имканиятларды иске қосып атырмыз.

Халқымыздың өзи – ең әдил төреши. Бүгин елимиздеги ҳәр бир инсан «өмиримде унамлы өзгерис болмақта», деп айта алатуғынына мен исенемен.

Бүгин биз тарийхтың және де жуўапкершиликли ҳәм шешиўши дәўиринде турмыз. Мәмлекетимиздиң раўажланыўында пүткиллей жаңа дәўирге қәдем қоймақтамыз. Себеби, жаңаланған Конституциямызды қабыл етиў менен биз Үшинши Ренессанс ушын ҳуқықый тийкар жараттық. Бүгин халқымыздың умтылып атырған мине, усындай уллы мақсетти әмелге асырыўға мүнәсип үлес қосаман, деген ҳәр бир ўатанласымыз, бәринен бурын, усы тийкарға сүйенип, ҳәрекет етиўи керек.

Әсиресе, өнип-өсип киятырған жас әўладымыздың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыўда, жасларымыздың келешеги ушын беккем тийкар жаратыўда Тийкарғы нызамымыз оларға шексиз имканиятлар ашып береди.

Усы мүнәсибет пенен, мен бүгин еки әҳмийетли Пәрманға қол қойдым.

Биринши Пәрман жаңаланған Конституциямызды турмысқа енгизиў, орынланыўын тәмийинлеў ушын оның мазмун-мәнисин халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша анық ўазыйпаларды нәзерде тутады.

Усы мәниде, Бас нызамымыздың ҳәр бир бәнти ҳәм статьясын жәмийетимиз, әсиресе, жасларымыз ушын турмыс қағыйдасына айландырыў, бул бойынша олардың түсиник ҳәм тәсирлерин кеңейтиў, ҳәр бир мәҳәлле, билимлендириў дәргайы, шөлкем ҳәм кәрханада терең үйрениў мақсетинде оқыў бағдарламалары, сабақлық ҳәм қолланбалар жаратыў зәрүр.

Соның менен бирге, жаңаланған Конституцияның 128-статьясында мәмлекет Президентине берилген ўәкилликтен пайдаланып, мен екинши әҳмийетли Пәрманға қол қойдым. Оған муўапық, елимизде мүддетинен алдын Президентлик сайлаўы өткериледи.

Бундай қарарға келиў ушын қандай объектив зәрүрлик бар, деген сораў пайда болыўы тәбийғый, әлбетте.

Не ушын, қалған үш ярым жыллық Президентлик мүддетинен өз басламам менен ўаз кешип атырман? Себеби, өзиңиз көрип турсыз, Тийкарғы нызамымызға муўапық, бириншиден, ҳәкимияттың барлық буўынлары реформаланып, олар арасындағы мүнәсибет ҳәм тең салмақлылық қатаң өзгермекте.

Екиншиден, жаңаланған Конституциямыз Президент, парламент, ҳүкимет, министрлер, ҳәкимлердиң алдына кешиктирип болмайтуғын жаңа сиясий, социаллық ҳәм экономикалық ўазыйпаларды қоймақта.

Үшиншиден, халқымыз бизден барлық тараўларда оғада әҳмийетли ҳәм актуал өзгерислер менен реформаларды күтпекте.

Төртиншиден, дүньяда ҳәм регионымызда кескин ҳәм қурамалы процесслер ен жайып атырған ҳәзирги жағдайда дурыс ҳәм нәтийжели раўажланыў жолын излеп табыў ҳәм оны әмелге асырыў ең аўыр ҳәм әҳмийетли мәселеге айланбақта.

Усы мүнәсибет пенен пүткил халқымызға мүрәжат етпекшимен.

Әзиз ҳәм қәдирден ўатанласлар, бәршеңиз көрип турсыз, алдымызға бүгин және де үлкен шеклер қоймақтамыз.

Буннан былай да жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыс, бүгинги ҳәм келешегиниң раўажланыўына байланыслы ҳәр бир мәселе бойынша тек ғана сизлер, дана, кеңпейил халқымыз бенен мәсләҳәтлесип жумыс алып барамыз.

Тийкарғы нызамымызда халық – мәмлекет ҳәкимиятының бирден-бир дәреги, деп бийкарға жазылмаған. Усы көзқарастан, жаңаланған мәмлекетлик ҳәкимият системасында халқымыз, және бир мәрте айтаман, тек халқымыз исенген басшыға мандат бериўи мақсетке муўапық.

Ҳәзирги шараятта бул – ең дурыс ҳәм әдалатлы қарар болады, деп ойлайман.

Сайлаўлар нызамға толық муўапық ҳалда, ашық-айдын түрде өткериледи. Онда сиясий партиялар, Президентликке талабанлар елимиздиң тынышлығы ҳәм оның раўажланыўына, халқымыздың абаданлығына хызмет ететуғын жаңа идея ҳәм басламалар менен ортаға шығады, деп исенемен.

Қәдирли ўатанласлар!

Усы жерде бир пикирди және атап өтпекшимен: гөзлеген шеклеримиз қаншелли жоқары ҳәм қурамалы болмасын, оларға ерисиў ушын бизде барлық имканиятлар бар.

Уллы ата-бабаларымыздың мийрасы, халқымыздың дөретиўшилик қүдирети, интеллектуаллық ҳәм руўхый потенциалы, оның мийнет сүйгишлик ҳәм исбилерменлик пазыйлети бул жолда бизге күш-қүдирет дәреги болып хызмет етеди.

Сизлер менен, пүткил халқымыз бенен ийгиликли мақсетлеримизге әлбетте, жететуғынымызға исенемен. Жаңа Өзбекстанды барлығымыз бир жағадан бас шығарып, татыў ҳәм тилеклес болып, биргеликте қурамыз.

Мине, усындай уллы мақсет жолында ҳәммеңизге беккем денсаўлық, жаңа жетискенлик ҳәм табыслар, шаңарақлық бахыт-ығбал тилеймен.

Жаратқанның өзи барлық уллы жумысларымызда мәдәткар болсын!

Итибарыңыз ушын рахмет.