И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде Қарақалпақстан халық художниги Жеңис Лепесовтың «Жеңис» атамасындағы көргизбеси ашылды.

Белгили художник сүўретлеў көркем өнерине қызығыўшылығы себепли театрларда, сүўретшилик ҳәм өндирис устаханаларында жумыс ислейди. Соң сол жыллары Нөкис көркем өнер музейиниң директоры И.В.Савицкий менен танысып, музейдеги жыйналған көркем өнер дөретпелери менен танысыў бахтына ериседи. Бул художниктиң дөретиўшилигине өзиниң тәсирин тийгизбей қалмады ҳәм модернистикалық экспрессионизм, лирикалық импрессионизм стиллеринде қәлем тербетиўине себеп болады. Соның менен бирге, ол натюрморт, әсиресе, пейзаж жанрында өзиниң шеберлигин толық көрсете алған. Бул бағдардағы шығармаларында тәбияттың романтикалық сәўлелендирилиўи дыққатқа ылайық.




Ж.Лепесов белгили педагоглардан болып, узақ жыллар даўамында Е.Қосполатов атындағы балалар сүўретшилик көркем өнер мектебинде сабақ берди ҳәм көплеген профессионал суўретшилерди тәрбиялап шығарды. Усындай мийнетлери ушын оған 1996-жылы «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» атағы бериледи.

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген «Жеңис» атамасындағы бул көргизбе художниктиң дөретиўшилик жолы ҳәм оның көркем сүўретлеўге болған шексиз муҳаббаты ҳаққында сөз етеди. Көргизбеде дөретиўшиниң «Ески Хожели көшеси», «Киров атындағы совхоздағы көше», «Анам нан жаўып атыр», «Жайҳун гөззалы» сыяқлы 50 ден аслам шығармалары орын алған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги