Ю. Маденге

Кегейли бойында қалған нартларым,

Сиз қандай өскенсиз, нәрўан болғансыз!

Даўыл менен бәс байласып мудамы,

Гүресте бел бермес палўан болғансыз.

 

Урыс жыллары таллар  қараўсыз қалды,

Таллар түўе бағлар қараўсыз қалды.

Сөкитлерди шаўып көпирге салды,

Сонда түбирден сиз пайда болғансыз.

 

Анам гейде жоқлап үлкен баласын,

Жағаласа ақшам суўдың жағасын.

Сизлер түсингендей оның наласын,

Суўға ушыңызды малып турғансыз.

 

Әкесин сағынған балалардайын,

Солқылдап турдыңыз көрсем ҳәр дайым.

«Кел, биз бенен бирге сырлас, Ибрайым!»

Деп түсимде шақырғандай болғансыз.

 

Ала көйлеңкели нартлардың асты,

Самал китабымды жулқылап ашты,

Биреў келип сонда көзимди басты,

«Ким екенин бил»  деп сылдырлағансыз.

 

О, сиз, жаслығымның сырласы, таллар!

Аҳ, сол жағымлы қол, жүзикли қоллар!

Бир жыл басып турса көзимди олар,

Қабақ шытпас едим, досларым, ҳәргиз.

 

Көзимнен қолларын жаздыра берип,

Сыңқ-сыңқ етип күлди алдыма келип.

Оның ықлас пенен күлгенин көрип,

Ойлар едиң қыз екен деп әрмансыз.

 

Бирақ ат басындай еди әрманы,

Ушып кеткен еди алғыр тарланы…

Залым урыс, дым көп болды-аў қурбаны,

Көшә-көш әйледи жолсыз, кәрўансыз.

 

Алмамекен дедим уўылжып пискен,

Бойынан ышқының сәўири ескен,

Билектей қос бурым бөксеге түскен,

Бир қоса жупқасын басқа шалған қыз.

 

Кирпиги қайысқан тебендей еди,

Кумай көзлер мени жегендей еди.

«Ағаңнан хат жок па»  дегендей еди,

Айралық дәртине иштен жанған қыз.

 

Суўдан бир мешинди қармап илгени,

Мойныма салмақшы болып келгени,

«Қашан жигит боласаң?»  деп күлгени,

Есимде сыр бермей сабыр қылған қыз.

 

Жигит болыўын биз болдық-аў, бирақ,-

Талай азаматлар,  қолында  жарақ

Ўатан ерки ушын қушты топырақ,

Қанша ҳаяллар тул, ярсыз қалған қыз!

 

Кеўилде кек лаўлап жанды шаладай,

Ойын, күлки жетим қалған баладай,

Қосықлар қулаққа урған танадай,

Баўыры пүтин бир де жан қалмағанбыз.

 

Бирақ қуралдан да мықлы ҳәм өзге,

Уллы бирлик, ғайрат-күш болды бизде.

Сол ғайрат жеткерди жеңисимизге,

Кекли жаўдан кегимизди  алғанбыз…

 

Ўа, туўысқан таллар, дала батыры,

Ўа, сиз, жаслығымның жасыл шатыры!

Сарғайған саратан бармас батылы.

Сизге кәр ете алмас, айтсам жалғансыз.

 

Күнниң әптабынан қашқан самаллар

Саяда түсленип тынығар, ойнар.

Жаўшымшық, мәдделер ҳәм қурқылтайлар

Сенсиз ҳәлден тайып, қалар дәрмансыз.

 

Ығбал айдынында шаршамай жүзген

Бир әўлад руўҳы сезилер сизден.

Жаслық сазын тыңлап гүўилдиңизден,

Мине, саяңызда отырман жалғыз.

 

Жүзигин жоғалтқан қыздай үңилип,

Өттим астыңыздан ойларға шүмип,

Кешеги нарт нәрўан болғанын көрип,

Дедим: «бунша тез ержетип қалғанбыз!»

 

Ыраш өсип, жаплар жаңа саға алып,

Баяғы ат қулақ өскен жағалық,

Айдардай желкилдер ысқа қоғалық,

Қолларды қанатып талай орғанбыз.

 

Баяғы кебирлик пахта жер болған,

Ақ жайлар көбейип сыбайлас қонған.

Машиналар жүйиткип барар тас жолда,

Бир жағы жүзим бағ, бир жағы палыз.

 

Әне, сол палыздан бетлеп бермаған,

Бир бала қыйқыўлап киятыр маған.

– «Қостан қаўын жесин> деп атыр апам!

Апаңды таныдым, иним, гүмансыз.

 

Кирпиги қайысқан тебендей еди,

Қумай көзлер мени жегендей еди…

Улы емес, өзи  келгендей еди,

Баяғы мойныма мешин салған қыз.

 

Баяғыдай маған телмирип қарап,

Қыйнамас ол енди ағамды сорап,

Урысқа нәлет айтар ишинен, бирақ,

Дәслепки ярынан айра болған қыз…

 

Хош болың, талларым! Қосқа  барайын,

Мардыйып отырып қаўын жарайын.

Оннан соң сазымды қолға алайын,

«Таллы жағысым»  деп, сайрап әрмансыз…

 

1969-жыл, Шымбай.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги