Олий Мажлис Сенатының қырқыншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте. Онда сенаторлар, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары менен ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилистиң екинши жумыс күнинде «Халықаралық мийнет шөлкеминиң хызметкерлерди жумыс орнындағы ҳаўаның патасланыўы, шаўқым ҳәм тербелислер себепли пайда болатуғын кәсиплик қәўип-қәтерлерден қорғаў ҳаққындағы 148-санлы Конвенциясын (Женева, 1977-жыл 20-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

47 мәмлекет тәрепинен ратификацияланған бул Конвенция миллий нызамшылық ямаса нормативлик ҳүжжетлер арқалы жумыс орнындағы ҳаўаның патасланыўы, шаўқым ҳәм тербелислер себепли кәсиплик қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ҳәм шеклеўге қаратылған илажларды белгилеўди талап етеди.

Буннан тысқары, бул халықаралық ҳүжжетте системалы қадағалаў илажларын, соның ишинде, жумыс орынларында мийнет шараятларын, зыянлы ҳәм қәўипли өндирис факторларын, мийнет процесслериниң аўырлығы ҳәм тығызлығын сондай-ақ, әсбап-үскенелердиң жарақатлаў қәўпин баҳалаў белгиленген.

Додалаў процесинде Конвенцияның ратификацияланыўы хызметкер ҳуқықларын қорғаўдың қосымша кепилликлерин жаратыў имканиятын бериўши ҳәм мийнетти қорғаў миллий системасын және де жетилистириўге сезилерли түркти беретуғыны атап өтилди.

Сенаторлар мақуллаған нызам, өз гезегинде, мәмлекетимиздиң хызметерлер ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы халықаралық принцип ҳәм стандартларға садықлығының және бир көриниси болып есапланады.

Н.Абдураимова,

ӨзА