«Юксалиш» ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң басламасы менен Өзбекстан Президенти жанындағы Аралбойы Халықаралық инновация орайының жәрдеминде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде «Бир миллион терек» акциясы шөлкемлестирилди.
Нөкис қаласындағы 43-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң аймағында өткерилген илажда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ўәкиллери, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң хызметкерлери қатнасты.
Акциядан гөзленген мақсет тоғайларды кесиў ҳәм климат өзгериўи тәсирине қарсы гүресиў, адамларды қәлеўли түрде бирлестириў арқалы қолайлы қоршаған орталықты жаратыў, елимизде тереклерди көбейтиў ҳәм өстириў мәселелерине итибарды тартыўдан ибарат болып есапланады. Бул жойбарды жылына еки мәрте, октябрьден декабрьге шекем ҳәм февральдан апрельге шекемги дәўирде өткериў режелестирилген.
Атап өтилгениндей, «Юксалиш» ҳәрекетиниң басламасы менен 2019-жыл октябрь айынан республиканың барлық аймақларында «Бир миллион терек» акциясы өткерилип келинбекте. Ҳәрекет белсендилериниң басламасы БМШтың Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен қоллап-қуўатланды ҳәм 2019-жыл 24-октябрь күни акцияға Өзбекстанның арқа аймағы Қарақалпақстан Республикасынан старт берилди.
Өзбекстан Президенти жанындағы Аралбойы Халықаралық инновациялық орайының жәрдеминде усы акция өткен жыллары Мойнақ, Бозатаў, Хожели районларында ҳәм Нөкис қаласында өткерилди.
Илаж даўамында 50 саяманлы нәл егиў жумыслары алып барылды. Бул акцияда егилген нәллерди тәрбиялаў менен бирге, бул аймақты абат етип сақлаўды 43-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң басшылығы өз мойнына алды.
Д.Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги