Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң мирәт етиўине бола быйыл 2-3-май күнлери сапар менен усы мәмлекетте болды.

3-май күни Берлин қаласындағы Бельвю сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң сөйлесиўлери болып өтти.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Федерал Президентке Германияға сапар менен келиўге мирәт еткени ҳәм көрсетилип атырған қызғын қабыллаў ушын миннетдаршылық билдирди.

Президентлер Өзбекстан менен Германия арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў мисли көрилмеген пәтте раўажланып баратырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Жедел сиясий, гуманитарлық ҳәм исбилерменлик сөйлесиўлер даўам етпекте. Тәреплер абырайлы халықаралық институтлар, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шеңберинде бир-бирин қоллап-қуўатлап келмекте.

Еки тәреплеме қатнасықларды және де жоқары басқышқа алып шығыў зәрүр екенлиги бойынша бирдей пикир билдирилди.

Жетекшилер саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин көрип шықты, әмелий бирге ислесиўдиң баслы бағдарларын белгилеп алды.

Соның ишинде, кейинги жыллары товар алмасыў ҳәм биргеликтеги жойбарлар саны еки есеге артты. Экономикамызда Германия инвестицияларының көлеми 5,5 миллиард евроны қурамақта, соннан 4 миллиард евро соңғы бир неше жылда тартылған.

Президентлер улыўма баҳасы 9 миллиард евродан артық болған саўда шәртнамалары ҳәм инвестициялық-технологиялық келисимлерге қол қойылыўы менен жуўмақланған исбилерменлик илажларының нәтийжелерин алғыслады.

Берлинде Өзбекстанның Орайлық Азия регионында турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлери жоқары баҳаланбақта.

Усы мәниде, Германия регионындағы өз-ара байланыслылық жойбарларын, соның ишинде, Евроаўқамның «Глобал дәрўаза» басламасы шеңберинде қоллап-қуўатлаўға таяр екенлиги атап өтилди.

Тәреплер регионда Аўғанстандағы жағдайды инабатқа алған ҳалда қәўипсизликти тәмийинлеў, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарындағы шерикликти беккемлеўден мәпдар екенин билдирди.

Аўған халқына мәнзилли гуманитарлық жәрдем көрсетиў, онда шегара алды Термиз қаласында жаратылған заманагөй инфраструктура имканиятларынан да пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәдений-гуманитарлық алмасыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Жетекшилер Берлин қаласында Өзбекстанның тарийхый-мәдений мийрасына бағышлап бийбаҳа көргизбе ашылып атырғанынан қуўанышлы екенин билдирди.

Өзбекстанда немис тилин үйрениў бойынша комплексли бағдарламаны таярлаў, соның ишинде, мәмлекетимиз аймақларында Гёте институтының жумысын кеңейтиў бойынша келисимге ерисилди.

Ушырасыў соңында Шавкат Мирзиёев Франк-Вальтер Штайнмайерди мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти.

Президент Шавкат Мирзиёев Германияға сапары шеңберинде бул мәмлекеттиң жетекши компаниялары ҳәм қаржылық институтларының басшылары менен ушырасыў өткерди.

Германия тәрепинен илажда Германия экономикасы Шығыс комитети, Германия – Өзбекстан исбилерменлер кеңеси, Германия энергетика агентлиги, “CLAAS”, “Knauf”, “Siemens Energy”, “Lasselsberger”, “Aurubis”, “Linde Group”, “Gunter Papenburg”, “Falk-Porsche-Technik”, “Mangold Consulting”, “DB Engineering”, “Landesbank”, “Commerzbank”, “KfW”, “Deutsche Bank” сыяқлы отызға шамалас ең ири компания ҳәм банклердиң басшылары қатнасты.

Бундай форматтағы сөйлесиў биринши мәрте 2019-жылдың январында, мәмлекетимиз басшысының ГФРға рәсмий сапары шеңберинде болып өткен еди.

Нәтийжеде Өзбекстанда экономика тармақларын модернизациялаў бойынша бир қатар жоқары технологиялық жойбарлар иске қосылды, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шериклик сезилерли түрде жеделлести.

Өзбекстан Президенти ушырасыўды ашып, Германия менен қатнасықларда жоқары исеним ҳәм өз-ара ҳүрмет бар екенин айрықша атап өтти. Елимизде германиялы шериклердиң қатнасыўында улыўма баҳасы 5 миллиард евродан аслам 60 тан артық жойбар әмелге асырылмақта.

Кейинги жыллардың өзинде Германия инвестицияларының көлеми 4 миллиард евроны қурады, қоспа кәрханалардың саны еки есеге көбейди. Өзбекстанда “CLAAS”, “Knauf”, “Gunter Papenburg”, “Linde Group” ҳәм “Falk-Porsche-Technik” сыяқлы Германия экономикасының «локомотивлери» табыслы жумыс алып бармақта.

Өзбекстан тәрепинен Бас министрдиң басшылығында Германия – Өзбекстан исбилерменлер кеңеси бирге ислесиўди турақлы муўапықластырыў барыўдың әҳмийетли механизмине айланды.

Президентимиз бул сапар етиў даўамында ерисилген әҳмийетли келисимлер ҳәм келешекке мөлшерленген режелерди әмелге асырыўда тийкары ролди мине, усы исбилермен топарлар атқарыўы мүмкин ҳәм зәрүр екенлигин атап өтти.

Атап айтқанда, кеше болып өткен Өзбекстан – Германия бизнес-форумы шеңберинде санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм технологиялық шерикликти кеңейтиў бойынша 9 миллиард евролық жаңа саўда, қаржы ҳәм инвестиция келисимлерине қол қойылды.

«Жасыл энергетика», транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, металлургия, суў тәмийнаты, аўыл хожалығы, химия, таў-кән, автомобиль, тоқымашылық, электротехника санааты ҳәм басқа бағдарлардағы үлкен жойбарларды қаржыландырыў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиў режелестирилген.

Банк-қаржы тараўында “Deutsche Bank”, “Commerzbank”, “KfW” ҳәм “Landesbank” сыяқлы ең ири банклер менен жойбарларды қаржыландырыў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиў режелестирилген.

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан дүнья экономикасындағы кең көлемли ҳәм әҳмийетли өзгерислер шараятында Германия бизнеси ушын нәтийжели ҳәм исенимли мәкан болыўға таяр екенлигин атап өтти.

Усы мақсетте инвесторлар ушын зәрүр шараятлар ҳәм теңсиз имканиятлар, қолайлы фискаль система жаратылған – салықлар саны азайтылды, ҚҚС ставкалары азайтылды, бир қатар бажыхана бажылары бийкар етилди. Ҳәкимшилик реформалар әмелге асырылды.

Өзбекстан Республикасының жаңа Конституциясына муўапық, жеке меншик мүлкке қол қатылмаслық кепилликлери күшейтилди, мәмлекет ҳадал бәсеки ҳәм суд системасының еркинлиги ушын шараят жаратыўына байланыслы қағыйдалар анық беккемлеп қойылды.

Енди инвесторлардың ҳуқықларының тәмийинлениўи ҳәм олардың судта қорғалыўы мәмлекетлик тәрепинен кепилленетуғыны айрықша атап өтилди. Буннан былай исбилерменлер емес, мәмлекетлик уйымлар өз қарарларының нызамлылығын дәлийллеўге мәжбүр. Сондай-ақ, пайда болатуғын ҳәр қандай анықсызлықлар инвесторлардың пайдасына шешиледи.

– Сырт ел инвесторы Өзбекстан дегенде, биринши гезекте, турақлылық, исенимлилик ҳәм келешек ушын қәтержамлықты көз алдына келтириўи зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев. – Ҳәр бир германиялы исбилермен мәмлекетимизде өзин еркин ҳәм исенимли сезиўи ушын барлық шараятларды жаратыўға таярмыз. Германияның алдыңғы қолланбаларын ҳәм инновациялық технологияларын Өзбекстанның ресурслары ҳәм инсан потенциалы менен бирлестирсек, үлкен нәтийжелерге ерисе аламыз.

Исбилерменлер менен пикирлесиў Германия бизнес жәмийетшилигиниң бирге ислесиўди раўажландырыўға қызығыўшылығы үлкен екенин және бир мәрте көрсетти.

Пикир алысыў ўақтында ГФР исбилермен топарларының ўәкиллери Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий әҳмийетин жоқары баҳалап, бул елимизде инвестициялық жумыс алып барыў бойынша Германия бизнесиниң ең исенимли ҳәм узақ мүддетли режелерин жүзеге шығарыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Ушырасыўда Германия компаниялары басшылары анық усынысларын айтты. Баслы тараўларда жоқары технологиялық ҳәм инновациялық шешимлерди енгизген ҳалда әмелий бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм кооперацияны кеңейтиўге таяр екенлигин билдирди.

Президент Шавкат Мирзиёев Германия бизнесиниң ўәкиллерине әҳмийетли басламалары ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирип, сөйлесиўдиң мазмунлы болғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти сондай-ақ, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына жойбарларды биргеликте ислеп шығыў, улыўма, сапар шеңберинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўды нәзерде тутыўшы «жол картасы»н тастыйықлаўға тапсырма берди.

Германияға сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер Берлин қаласындағы дүньяға белгили Жеймс Симон галереясында «Өзбекстанның археологиялық ғәзийнелери. Македониялы Искендерден Кушанлар салатанатына шекем» атамасындағы бийбаҳа көргизбени ашты.

Мәмлекетимиз басшысы ашылыў мәресиминде еки мәмлекетте халықларымыздың бай мәдений мийрасы ҳәм бүгинги жетискенликлерине қызығыўшылық артып баратырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өзбекстанда Гёте, Гейне, Шиллер, Томас Манн, Ремарк ҳәм көплеген басқа да жазыўшылардың өлмес дөретиўшилигин, Бах, Бетховен, Штраус, Вагнердиң әжайып музыкасын жақсы биледи ҳәм қәдирлейди.

Аймағынан Европаға алып барыўшы әййемги кәрўан жоллары өткен Өзбекстанның тарийхы менен Германия жәмийетшилиги жақсы таныс.

Әсирлер даўамында Уллы Жипек жолы саўда, илим, мәденият ҳәм санааттың раўажланыўына үлкен үлес қосып келген, мәдениятлар аралық қарым-қатнасқа, руўхый қәдириятлар алмасыўына, прогрессив идеялар қәлиплсеиўине, интеграция ҳәм бирге ислесиўге, тынышлық ҳәм дөретиўшиликке, кеңпейиллик ҳәм татыўлыққа хызмет еткен.

Уллы шайыр Гёте өзиниң «Арқа-шығыс девон» қосықлар топламында әййемги Самарқанд ҳәм Бухараның гөззаллығын жырлаған болса, белгили композитор Гендель «Темур» операсын жаратқан.

Көргизбениң ашылыўы Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы мәдений байланысларда дыққатқа ылайық ўақыя болды. Оның өткерилиўи ҳаққында Германия Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң 2019-жыл майдағы Өзбекстанға сапары ўақтында келисилген еди.

Дерлик төрт жыл даўамында еки мәмлекет археологлары, тарийхшылары, көркем өнер ғайраткерлери ҳәм музей хызметкерлери илажды шөлкемлестириў үстинде пидәкерлик пенен мийнет етти. Германиялы қәнигелердиң қатнасыўында 50 ге шамалас баҳалы антикварлар реставрацияланды.

2024-жылдың 14-январь күнине шекем даўам ететуғын көргизбеде Берлин мәмлекетлик музейлериниң топламларынан 65 ҳәм Өзбекстан музейлери топламларынан 285 экспонат қойылған. Олардың көбиси мәмлекетимиздиң тысқарысында биринши мәрте көрсетилмекте.

Көргизбе мәмлекетимиздиң әййемги ҳәм бай мәденияты, ҳәзирги Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия аймағында жайласқан дәслепки мәмлекетлердиң эрамыздан алдыңғы VI әсирден бизиң эрамызға шекемги IV әсирге шекемги дәўирди қамтып алған тарийхы ҳаққында сөз етеди.

Бул жердеги дүрданалар арасында Кушан салтанатының Далварзинтепа ҳәм Ҳолчаён қорғанларынан табылған белгили адамлар, әскер ҳәм бай ҳаял-қызлардың естеликлери бар.

Бул бийтәкирар экспозиция келиўшилерге Өзбекстан тарийхы менен танысыў, мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли қарым-қатнас ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўдиң раўажланыўына хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Германияға сапары мүнәсибети менен еки мәмлекет делегацияларының ағзалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлердиң қатнасыўында қабыллаў мәресими болып өтти.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Германия Федеративлик Республикасына сапары жуўмақланды.

ӨзА