«Китап билим булағы, билим ақыл шырағы» дегениндей, данышпанлар китапты инсанның ең жақын досты деп есаплайды. Ҳақыйқатында да көп китап оқыған инсанның ой-өриси ҳәр тәреплеме раўажланған болып, ол өзин жәмийетшилик арасында услап тутыўы жағынан басқаларға үлги болып жүреди. Сонлықтан да, соңғы жыллары елимизде өсип киятырған жас әўладтың китап оқыўға ықласын арттырыў мақсетинде, мәмлекетимиз бойлап кең көлемли илажлар әмелге асырылып, китапқумарлар арасында ҳәр қыйлы таңлаўлар шөлкемлестирилип келинбекте.
Бул болса, жасларымыз арасында китап оқыўға деген қызығыўшылықтың артыўына себеп болмақта. Мәселен, бизлер оқып билим алатуғын Шымбай районындағы 17-санлы мектеп оқыўшылары арасында да соңғы ўақытлары китапқумарлардың саны жылдан-жылға көбейип бармақта. Әсирсе, мектеп китапханасына соңғы жыллары дүнья әдебияты, өзбек ҳәм қарақалпақ әдебияты дүрданаларынан ибарат сайланды китаплардың алып келиниўи оқыўшылардың билиминиң асыўына тийкар болып хызмет етпекте. Буннан дүнья әдебиятының маржанларынан суўсынланған мектебимиз оқыўшылары да өзлери унататуғын жазыўшы ҳәм шайырларға еликлеп, ҳәр қыйлы мазмундағы қосық ҳәм гүрриңлер дөретип, оларды районлық ҳәм республикалық газета-журналларда, веб-сайтларда жәриялап келмекте.
Жақында мектебимиздеги устазлардың жәрдеми менен дөретиўши оқыўшыларымыздың қосық ҳәм гүрриңлери бир топламға топланып, «Қызылөзектиң Қырмызы гүллери» атамасы менен Нөкис қаласындағы «Жазыўшы» баспасында китап сыпатында басып шығарылды.
2-май күни усы мүнәсибет пенен мектебимизде усы жаңа китапты кең жәмийетшиликке таныстырыў кешеси болып өтти.
Онда филология илимлериниң кандидаты, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алланазар Абдиев, Республика Руўхый-ағартыўшылық орайы Шымбай районлық бөлиминиң баслығы Қуралбай Мамбеткаримов, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы Адилбай Оразовлар шығып сөйлеп, мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшыларын жаңа китаптың шығыўы менен қутлықлады ҳәм ондаға дөретпелер бойынша өзлериниң унамлы пикирлерин билдирди.
Илажда жазыўшы А.Абдиев өзиниң соңғы жыллары баспадан шығарылған дөретпелеринен мектеп китапханасы ҳәм оқыўшыларына саўға етти.
Соның ишинде, мениң де «Достыма», «Анам қәбири басында», «Орның бөлек» атлы бир неше қосықларым жәрияланып, оған баянатшылар тәрепинен унамлы пикирлер билдирилди. Усындай елимизге белгили инсанлар тәрепинен биз жасларға берилип атырған жоқары исеним бизлерге айрықша илҳам-йош бағышлайды.
Феруза Саттарова,
Шымбай районындағы 17-санлы улыўма орта
билим бериў мектеби оқыўшысы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги