Ташкент қаласындағы  «Пахтакор»  спорт комплексинде ересеклер арасында қылышласыў спорты бойынша Өзбекстан чемпионаты өткерилмекте.

Кеше сабля жөнелиси бойынша ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында беллесиўлер болып өтип, онда қарақалпақстанлы спортшыларға тең келетуғын қарсылас табылмады.

Атап айтатуғын болсақ, ерлер арасында Шерзад Мамутов алтын, Азизбек  Дәўлетназаров  гүмис, Ислам Абдазов қола медалларын қолға киргизди.

Ал, ҳаял-қызлар арасында Зайнаб Дайыбекова алтын, Гүлистан Предебаева қола медалын қолға киргизди.

Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен медал ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Спортшыларымызды бул жарысқа тренерлерден Дәўирбек Жийемуратов ҳәм Руслан Султановлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы