Өзбекстан Республикасы референдумын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының Баспасөз орайында өткерилетуғын медиа илажлар режесине муўапық, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг өткерилди.


Брифингте Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлимлеме хызметиниң басшысы Султанбек Зияев референдумды өткериў ҳәм оған таярлық көриў бойынша усы министрлик тәрепинен әмелге асырылған илажлар ҳаққында төмендегише мағлыўмат берди.

Республикамыз аймағында 653 референдум өткерилетуғын участкалар белгиленген. Бул участкаларға Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының Нөкис қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен 506 қәниге бириктирилген. Қәнигелер тәрепинен референдум өткерилетуғын участкалардың санитариялық-гигиеналық жағдайлары үйренип шығылды.

Үйрениўлер даўамында анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў бойынша мәкеме басшыларына усыныслар берилип, сапластырылды. Бөлимлер тәрепинен референдум өткерилетуғын участкаларда дезинфекция жумыслары алып барылды.

Брифинг соңында 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясы Баспасөз орайының баслығы М.Қутлымуратов сөзге шығып, референдумды өткериў ҳәм оған таярлық көриў бойынша басқа министрлик ҳәм шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша да брифинглер өткериў жобаластырылғанын ҳәм усы сиясий мапазға таярлық процесслерин FХҚ ўәкиллери менен биргеликте жедел түрде сәўлелендирип барыў бойынша усынысларын билдирди.

 

1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының Баспасөз орайы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги