Жаңаланып атырған Бас нызамымызға бағышланған үгит-нәсият илажлары Хожели педагогикалық колледжинде де шөлкемлестирилди.
Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы М.Ибрагимов, үгит-нәсият топарының ағзалары ҳәм басқалар жаңаланып атырған Конституцияның әҳмийетине кеңнен тоқтап өтип, ондағы статьялардағы, тийкарынан билимлендириў тараўы ҳәм оқытыўшыларға байланыслы өзгерислер ҳәм нормалар туўралы мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, жаңаланып атырған Конституциямызда билимлендириў тараўы, оқытыўшының жәмийеттеги статусын және де көтериў белгиленбекте.
Атап айтқанда, 52-статьяда Өзбекстан Республикасында оқытыўшының мийнети мәмлекет ҳәм жәмийетти раўажландырыў, саламат, бәркамал әўладты қәлиплестириў ҳәм тәрбиялаў, халықтың руўхый ҳәм мәдений дәрежесин сақлаў ҳәм байытыўдың тийкары сыпатында атап өтиледи. Мәмлекет оқытыўшылардың ар-намысын ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық абаданлығы, кәсиплик жақтан өсиўине ғамқорлық етеди. Миллет ҳәм халықтың раўажланыўы, оның интеллектуаллық дәрежесин арттырыў, бәринен де бурын, оқытыўшылардың жумысына байланыслы. Сонлықтан, усы норма оқытыўшыға рәмзий мәнисте «Миллет жаратыўшысы» статусын бермекте.
Сондай-ақ, жаңаланып атырған Конституцияда билимлендириў ҳәм илимге байланыслы нормалар дерлик еки есеге артпақта. Пуқаралардың жоқары оқыў орынларына мәмлекет гранты есабынан оқыў ҳуқықы қатаң белгиленбекте. Пуқаралардың бийпул басланғыш кәсип өнерге оқытылыўы белгиленбекте.
Ушырасыўда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары да тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Усы мазмундағы ушырасыў райондағы 35-санлы улыўма билим бериў ҳәм 5-санлы музыка мектебинде де болып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги