Бүгинги күнде Қарақалпақстан медицина институты дүньяның 16 мәмлекети менен нәтийжели халықаралық бирге ислесиўди жолға қойды. Медицинаның биофизика, аюрведикалық, экологиялық медицина сыяқлы жаңа бағдарлары бойынша Россия Федерациясы, Ҳиндстан, Корея Республикалары менен бирге ислесиў жедел түрде раўажланбақта.

Институттың баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, усы жылдың февраль айында институттың бир топар профессор-оқытыўшыларынан ибарат делегация Москва қаласындағы «МИФИ» Миллий ядролық изертлеў университетинде болып, еки тәреплеме бирге ислесиў Бағдарламасын дүзди. Усы бағдарлама тийкарында быйылғы жылдың 8-мартында Қарақалпақстан медицина институтының питкериўшилери МИФИге магистратураға ҳүжжет тапсырды ҳәм олар грант тийкарында билимлерин арттырады.

Жақында медицина институтына бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде МИФИдиң медициналық компьютерлик системалар кафедрасы хызметкери Алексей Трухин келип, бир неше күн даўамында лекция ҳәм әмелий сабақлар өтти.  Институттың биофизика кафедрасы оқытыўшылары ҳәм студентлери қатнасқан сабақларда қәниге физиканың эндокринология, онкология, радиология менен байланыслары ҳаққында мағлыўмат берди. Сондай-ақ, кафедраның илимий бағдарлары талқыланып, докторантлар анықланды.

Бирге ислесиў наўқаслардың авариядан кейинги реабилитациясы, эндокринологиялық патологиялар ҳәм басқа да бағдарлар бойынша изертлеўлер шеңберинде даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги