Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Беҳзод Мусаев Германияның Тюрингия федерал  жери Экономика, илим, санлы технологиялар министри Волфганг Тифензейе менен ушырасты.

Германия ҳәм Өзбекстан арасында мийнет миграциясы, бәнтлик, кәсип-өнерге үйретиў сыяқлы бағдарларды  раўажландырыў мәселелери додаланды. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм  Эрфурт кәсиплик тәлим орайы арасында шәртнамаға қол қойылды.

Өзбекстанлы кәсип-өнер үйрениўшилер 4 бағдар(темирши уста, техникалық-мехатроника, жай ҳәм имаратлардыӊ техникалық жағдайын оңлаўшысы, тикленетуғын энергия үскенелерин оңлаўшы техникалық) бойынша Европа стандартлары тийкарында оқытылады. “Жумысқа мәрҳамат” моно орайларында немис тилин оқытыў курслары шөлкемлестириледи.

 

Гулхатиша Уразбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги