Түркияға ушқан 27 жастағы ҳаялдың самолётта босанды. Ана ҳәм баланың жағдайы турақлы екени айтылды. 26-апрель күни Uzbekistan Airways авиакомпаниясының Ташкент-Стамбул жөнелиси бойынша ушқан HY-273 рейси самолёты бортында перзент дүньяға келди.  Самолёт Стамбулға жақынласқанда ҳаялды толғақ тутқан. 1996-жылда туўылған Жулдыз А. бул ҳаққында стюардессаларға хабар берген. Соннан кейин олар жолаўшылардан шыпакер бар ямаса жоқ екенлигин сораған.

Бираздан соң, ҳәмиледарлықтың 28-ҳәптесинде болған ҳаял ул перзентти дүньяға алып келген. Самолёт Стамбул халық аралық аэропортына қонғаннан соң, медицина хызметкерлери ана ҳәм баланы поликлиникаға жеткерген. Олардың жағдайы турақлы деп айтылмақта.

Uzbekistan Airways авиакомпаниясы бала туўылыўында жәрдем көрсеткен жолаўшыларға миннетдаршылық билдирип, оларға саўғалар берилетуғынын хабарлады. Соның менен бирге, «Пүткил жер жүзилик ушыўшылар күни»нде туўылған бала келешекте өмирин аспан ҳәм авиация менен байланыстыратуғынына үмит билдирди.

Гулхатиша Уразбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги