— Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми мағлыўматларына бола, ҳәзирги ўақытта жер жүзи халқының 35-40 проценти аллергиядан қыйналып атыр. Ҳәр үш адамнан бири аллергиялық ринит, ҳәр оныншы адам бронхиал астмаға шатылған, — деди Республика илимий қәнигелестирилген аллергология орайы директоры, медицина илимлериниӊ докторы, профессор Илмира Разикова.

Бул қоршаған-орталықтың патасланыўы, химиялық қосымшалар ҳәм консервантлар менен байытылған азық-аўқат өнимлерине талаптың артыўы, дәрилерди ҳәдден тысқары көп қабыл етиў, кем ҳәрекет, стресс сыяқлы факторлар менен байланыслы.

Ең жаманы, жағдай буннан да бетер төменлеўи мүмкин. Сондай-ақ, ЖДСШ прогнозына бола, 2025-жылға барып, дүнья халқының тең ярымы аллергиялық кеселликлер менен гүресиўге туўра келеди. Айырым раўажланған мәмлекетлер болса ҳәзирдиң өзинде сол сызыққа жетти.

Қалаберди, буннан 50-60 жыл алдын аллергиялық кеселликлер планетамыз халқының тек ғана 2-3 процентинде ушыраған. Бирақ кейинги он жылдың өзинде бул дәртке шатылған наўқаслар саны 2 есе көбейди.

Әсиресе, глобалласыў процесси жедел раўажланып атырған АҚШ, Япония, Европа аўқамы мәмлекетлеринде бул бойынша жағдай оғада қәўетерли.

Буннан тысқары, саламат емес турмыс тәризи инсанның саламатлығына қәўип туўдырмақта. Надурыс аўқатланыў — олар арасында ең кең тарқалған фактор. Бул кеселлик көбирек балалар, емизиўли нәрестелер арасында көп ушырасады. Оның қәўипли тәрепи – аллергияның аз муғдары да инсан өмирине қәўип туўдырыўы мүмкин.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги