“Жаслардың бәнтлигине көмеклесиў ҳәм оларды даўамлы жумыс пенен тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент пәрманы (ПП-61-сан, 26.04.2023-ж.) қабыл етилди.

Пәрманға бола, 2023-жылдың 1-майынан 2025-жыл 1-январьға шекем жумыс бериўшилерге (бюджет шөлкемлери, мәмлекетлик кәрханалар, устав фонды (капиталы)нда мәмлекет үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық шахслар, сондай-ақ, социаллық салықты 1 процент ставкада төлеўшилер буған кирмейди) олар тәрепинен 25 жастан аспаған хызметкерлер ушын төленген социаллық салық суммасы Мәмлекетлик бюджеттен толық қаплап бериледи.

 

Азада Қдырбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги