2023-жылы Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджет параметрлеринде Пуқаралардың басламасы фонды ушын 127,1 миллиард сум қаржы тиккелей пуқаралар тәрепинен алға қойылған усынысларды қаржыландырыўға бағдарланған.
Соннан быйылғы жылдың февраль-март айларында болып өткен бағдарламаның биринши мәўсиминде пуқаралар тәрепинен билдирилген усыныслар ушын жәми 63,6 миллиард сум қаржы пуқаралардың басламасы фондларына бағдарланды.
Биринши мәўсимде Қарақалпақстан Республикасы бойынша пуқаралар тәрепинен 3 мың 518 усыныс билдирилген. Тараўлар кесиминде талқылағанда, ең көп алға қойылған жойбар сыпатында аймақлық ишки жолларды оңлаў бағдары белгиленген. Пуқаралар тәрепинен бул бағдар бойынша жәми 912 жойбар алға қойылған болып, барлық жойбарлар санына салыстырғанда дерлик 26 процентти қурайды.
Бирақ, даўыс бериў процесиниң жуўмағына бола, «жеңимпаз» деп табылған 104 усыныстан 15и ишки жолларды оңлаўға байланыслы жойбарларды қураған. Улыўма орта билим бериў мектеплерин оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын раўажландырыў бойынша 41, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын раўажландырыў бағдарында 5, тәбийғый газ тәмийнаты менен байланыслы 7, ишимлик суўы ҳәм ақаба системасын жақсылаўға байланыслы 2, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген басқа да 34 жойбар жеңимпаз болған.
Халықтың талап ҳәм усыныслары тийкарында қәлиплестирилген бул жойбарлар қаржыландырылатуғын болды.
Жадыра Ермашева,
Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлигиниң бас қәнигеси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги