Хабар бергенимиздей, ҳәзирги күнлерде пайтахтымызда бокс бойынша ерлер арасындағы жәҳән чемпионаты өткерилетуғын «Ҳумо арена» муз сарайында қызғын таярлық жумыслары алып барылмақта.

Күни кеше Миллий олимпия комитетиниң бас хаткери Ойбек Қосимов ҳәм Өзбекстан бокс федерациясы баслығының биринши орынбасары Сәкен Полатовтың жетекшилигиндеги қәнигелер аренада алып барылып атырған таярлық процеси менен танысты.


Танысыў ўақтында қәнигелер белгиленген жумыслар өз мүддетинде жуўмақланыўы керек екенин, мийманлар ҳәм тамашагөйлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Ҳәзирги ўақытта аренада монтажлаў жумыслары алып барылып атырғанын айтыў керек. Буннан кейин дүньяның ең күшли боксшилерин анықлап беретуғын ринглер жайластырылады. Жәҳән чемпионлығы ушын беллесиўлер 2 рингте болады.

Чемпионаттың салтанатлы ашылыў мәресими 30-апрель күни болып өтеди. Таярлық процесинде қатнасып атырған жумысшы-хызметкерлер менен сәўбет даўамында чемпионат мәресимлери бағдарламасы ҳәм басқа да бағдарлар додаланып, жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Т.Рўзиев, ӨзА