Жасалма интеллекттиң жәмийет ушын тийкарғы қәўип-қәтерлеринен бири, нейрон тармақлар барған сайын көбирек сапалы контентти, тийкарынан, жаңалықлар есабатлары, илимий мақалаларды дөретиў имканиятына ийе болып, жалған мағлыўматлардың тарқалыў қәўипин арттырады. Бул ҳаққында «Lenta.ru» киберқәўипсизлик бойынша қәниге Владимир Уляновқа сүйенип, мәлим етти.

“Жасалма интеллект бақлаўдан шығып кетеди ҳәм бузғыншы ҳәрекетлер ислей баслайды, деген қорқыў тийкарсыз, себеби онда бундай түрдеги ўәкиллик ҳәм имканиятларға шеклеў орнатылады. Мен қәўипти көрип атырған жалғыз нәрсе ҳәм не ушын оннан пайдаланыўды шеклеў керек деп ойлаўымның себеби – енди нейрон тармақлардан түрли текстлер, илимий мақалалар, жаңалықлар жаратыў ушын пайдаланыў мүмкин”, дейди Улянов.

“Мәлимлеме, хабар қаншелли көп тарқалса, оны ким жаратқаны, реал екенлигин түсиниў жәмийет ушын қурамаласады. Жалған мағлыўматлар пайда болыўы мүмкин”, дейди қәниге.

 

Зерхан Орақбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги