Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Қатарда жайласқан жетекши IT хызметкерлери ҳәм шешимлери провайдери Meeza компаниясының бас директоры Муҳамед Али Ал-Гайтани менен санлы ҳәм технологиялық тараўларда бирге ислесиў имканиятларын үйрениў мақсетинде сөйлесиўлер өткерди.
Усы компания Қатарда жайласқан IT –хызметлери ҳәм шешимлери провайдери есапланады. Компания IT-хызметлери, булытлы технология шешимлери, киберқәўипсизлик ҳәм мағлыўматлар орайының хызметлерин өз ишине алған. Ушырасыўда Өзбекстанда IT-инфраструктурасын және де раўажландырыў, маман қәнигелер резервинен пайдаланған ҳалда аутсорсинг хызметлерин жолға қойыў мәселелери додаланды.
Еки тәреп де өз аймақларында санлы инновацияларды алға қойыў ҳәм технологиялық имканиятларды беккемлеў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша қызығыўшылық билдирди.
Н.Раҳманова, ӨзА