«Goldman Sachs» есабатына бола, жасалма интеллект технологиясының раўажланыўы себепли дүнья бойынша 300 миллион адам жумыссыз қалыўы мүмкин. Бул ҳаққында финанслық институт өткерген таллаў есабатында мәлим етилди.

Анық болыўынша, жасалма интеллект себепли дүнья мийнет базарында күшли дағдарыс бақланыўы мүмкин. АҚШ ҳәм Европадағы изленислер жумыс орынларының үштен еки бөлими мәлим дәрежеде автоматластырылыўы мүмкин екенин көрсетеди. Жасалма интеллект 300 миллион жумыс орнына тәсир өткериўи ҳәм мийнет базарында өзгерислер бақланыўына себеп болыўы мүмкин.

Европа бойынша 24 процент,  АҚШта 25 процент автоматластырылыўы мүмкинлиги шамаланған.

 

Фатима Рейимбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги