Республикамыз аймағында «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»на бағышланған халықаралық дәстүрий Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер фестивалы ҳәптелиги шеңберинде Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилери аўқамының ағзалары менен ушырасыўлар, жас художниклер дөреткен шығармалардың көргизбеси, белгили көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында шеберлик сабақлары ҳәм басқа да илажлар өткерилди.

Жақында Мойнақ районындағы 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде шөлкемлестирилген усындай илажда мойнақшы тәжирийбели художниклер Еркинбай Наметов ҳәм Анвар Сайымбетовлардың реңли сүўретлеў ҳәм мүсиншилик жанрларындағы дөретиўшилик жумыслары көргизбеге қойылды. Мектеп фойесинде қойылған көргизбеде еки устаз художниктиң 80 ге шамалас картиналары ҳәм ағаштан исленген мүсиншилик дөретпелери орын алды.







Илаж шеңберинде музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшылары тәрепинен дәстүрий ҳәм фольклорлық қосықлар, әмелий көркем өнер көргизбеси тамашагөйлер итибарына усынылды.

-Ҳәр жылы елимизде 21-апрель – Художниклер күни кеңнен белгиленеди. Усы байрам алдынан дәстүрий Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер фестивалы да шөлкемлестириледи. Фестивальдың быйылғы жылғы бағдарламасына Мойнақ қаласы ҳәм Кемелер қойымшылығына саяхат та киргизилди,- дейди Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы Улбосын Өтегенова. -Мойнақта жас талантлылардың қәбилетлерин көрдик, кемелер қойымшылығына барып, оқыўшылар ашық аспан астында сүўрет салды. Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатының оқыўшылары мойнақшы жас художниклер менен өз-ара билим ҳәм тәжирийбе алмасты.

Буннан соң илаж қатнасыўшылары райондағы Арал тарийхы музейи ҳәм кемелер қойымшылығына саяхат етти.



 Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўретлери