Усы жыл 17-апрель күни “Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы”на бағышланған дәстүрий Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер фестивалы басланды.
Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими Көргизбе сарайында болып өткен илаждыӊ ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Зарикеев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды дәстүрий дөретиўшилик байрамыныӊ ашылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, фестивальды өткериўден тийкарғы мақсет, миллий сүўретлеў ҳәм әмелий қол өнеримиздиң бай мийрасларын, заманагөй сүўретлеў өнериниң жетискенликлерин халыққа кеӊнен таныстырыў, жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў, белгили художниклердиң дөретиўшилик имканиятын тамашагөйлерге жеткериў, усы арқалы халқымызды, соныӊ ишинде, жасларымызды ана Ўатанға муҳаббат, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардыӊ сүўретлеў өнерине болған қызығыўшылығын арттырыў болып табылады.
Усы күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы факультети профессор-оқитыўшылары, магистрантлары ҳәм студентлериниӊ түрли жанрларда ислеген мийнетлериниӊ, сондай-ақ, “Өнермент” бирлеспесиниӊ ағзалары тәрепинен таярланған миллий кийимлердиӊ көргизбеси болып өтти.
Фестиваль шеңберинде Мойнақ районында пленэр шөлкемлестириў, Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп интернатында, Нөкис қалалық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде оқыўшылардың көргизбелерин, Өзбекстан Художниклери дөретиўшилик бирлеспеси ағзаларының қатнасыўында ушырасыў кешелери ҳәм шеберлик сабакларың, республикамыз художниклериниӊ көргизбесин өткериў режелестирилген
Фестиваль 21-апрельге шекем даўам етеди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниӊ шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери