Биринши смартфон өткен әсирдиң 90 -жылларыныӊ басларында дәслепки коммуникаторлар пайда болғаннан кейин жедел түрде мобиль телефон ҳәм коммуникаторлардың функционаллығын бирлестириўге ҳәрекет етти.

Дүньядағы биринши сенсорлы телефон ИБМ компьютер үскенелерин ислеп шығарыўшысы Симон модели еди.

Гаджет 1993-жылы шығарылған, егер телефонның биринши үлгиси 1992-жылды жәрияланған болса,  қурылманың салмағы шама менен 500 граммды қурады, бул болса оннан пайдаланыў ҳәм көшириўди  қыйынластырды. Бул қурылманың формасы гербишге уқсайтуғын еди. Бул мобиль телефон тарийхтағы биринши смартфон болды, себеби ол операциялық системада ислейди.

Қурылма системасына орнатылған тийкарғы қосымшалар календарь, калькулятор, блокнот, мәнзиллер китабы, функциялар еди. Электрон почта ҳәм ойынлар. Телефон жыйнақ пенен бирге келген стилус жәрдеминде қолда жазылған жазыўларды жаратыў қәбилетине ийе. Текст киргизиў саналы QWERTY клавиатурасы жәрдеминде әмелге асырылды. Смартфон мағлыўматларды сақлаў ушын PCMCIA яд картасынан пайдаланыўы мүмкин.


C
арсенбаева Бийбиназ,

ҚМУдыӊ Интернет журналистика тәлим

бағдарыныӊ 4-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги