«Басламалы бюджет» бағдарламасында жеңимпаз болмаған жойбарларға да қаржы ажыратылады.

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев бүгин болып өткен мәжилисте жуўапкерлерге көрсетпе берди.

Мәмлекетимизде социаллық инфраструктурадағы кемшиликлер мәнзилли шешилмекте. Ең әҳмийетлиси, бул жойбарлар халықтың талап ҳәм усыныслары тийкарында қәлиплестирилмекте.

Усындай жумыслар шеңберинде соңғы үш жылда 9 мың 500 мәҳәллеге 57 триллион сум ажыратылған. Бул қаржылар есабынан 3 мың 500 мәҳәлледе ишки жоллар, және соншасында бақша, мектеп ҳәм емлеўхана оңланған. 1 мың 19 мәҳәлледе ишимлик ҳәм ақаба суўының тәмийнаты жақсыланып, 452 си заманагөй көриниске келтирилген.

Инсан қәдири принципи тийкарында быйыл мәҳәллелерге ажыратылып атырған қаржылар көлеми 25 триллион сумға жеткерилди. Атап айтқанда, «Басламалы бюджет» бағдарламасы шеңберинде 8 триллион сум нәзерде тутылған.

Жақында бул бағдарламаның 1-мәўсими жуўмақланды. Мәжилисте оның нәтийжелери ҳәм әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бул мәўсимде халық тәрепинен жол, суў, электр, мектеп, бақша ҳәм емлеўханаларды жақсылаўға 34 мың жойбар усыныслары даўысқа қойылған. Даўыс бериў процесиниң жуўмағына бола, 1 мың 666 жойбар жеңимпаз деп табылған.

Бул бойынша адамлар белсендилигиниң артқаны да дыққатқа ылайық. Мәселен, 2021-жылы даўыс бериў процесинде 1 миллион 200 мың халық қатнасқан болса, быйыл 1-мәўсимниң өзинде олардың саны 16 миллионнан асты. Сондай-ақ, биринши мәрте «Басламалы бюджет» бағдарламасында республикамыздың барлық мәҳәллелери өз жойбары менен қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы жеңимпаз жойбарларды сапалы орынлаў менен бирге басқа жойбарларға да итибар қаратыў керек екенлигин атап өтти.

– Мәселен, 1 мың 300 жойбарға 2 мыңнан артық халық даўыс берген болса да, жеңимпаз болмаған. Бул – 4 миллионнан артық халық көтерген мәселе шешимин таппады дегени. Соның ушын халықтың бул ийгиликли усынысларын қоллап-қуўатлаўымыз зәрүр,-деди Президент.

Бул жойбарларға қосымша 1 триллион 300 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.

Және бир әҳмийетли тәрепи, «Басламалы бюджет» бағдарламасында қатнасқан 34 мың жойбар келеси жыл бюджетин қәлиплестириў ушын таяр усыныс. Мәселен, мәҳәллелердеги медициналық мәкемелерди оңлаў бойынша мыңнан артық, мектеплерди парта ҳәм компьютер менен тәмийинлеўге 5 мыңнан аслам жойбар усынысы келип түскен.

Президент «Басламалы бюджет»те 1 мың 500 ден артық даўыс жыйналған жойбарларды 2024-жылғы бюджетти қәлиплестириўде инабатқа алыў зәрүр екенлигин атап өтти.

ӨзА